Усы жыл 22-ноябрь күни Президентимиз тәрепинен қол қойылған «Ҳаял-қызлар арасында онкологиялық кеселликлерди қадағалаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарға муўапық, 2025-2030-жылларда Жатыр мойны ҳәм көкирек бези рагин қадағалаў бағдарламасы тастыйықланды. Усы бағдарлама шеңберинде бир қатар ўазыйпаларды әмелге асырыў белгилеп берилди.
ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Атқарыўшылық комитети «Ҳаял-қызлар қанаты» басламасы менен усы қарардың музмун-мәнисине бағышланған дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди. «Радиобайланыс, радиоеситтириў ҳәм телевидение орайы» МУК жумысшы- хызметкерлери қатнасқан илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасындағы ӨзЛиДеП фракциясының ағзасы Мавлуда Ибрагимова медицина тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм усы қарарда нәзерде тутылған ўазыйпалар ҳаққында тоқтап өтти.
– Мәмлекетимизде халыққа қәнигели медициналық хызмет көрсетиў бойынша системалы жумыслар барылмақта. Әсиресе, ҳаял-қызлар арасында онкологиялық кеселликлерди ўақтында анықлаў ҳәм оның алдын алыў мәселесине әҳмийетли итибар қаратылып атырғаны итибарға ылайық. Бул бағдарда ҳаял-қызлар арасында онкологиялық кеселликлерди қадағалаўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы тасыйықланғаны әҳмийетли болды.
Бул ҳүжжетке халықаралық клиникалык әмелиятлар тийкар етип алынған. 30 жастан баслап ҳаял-қызлар инсан папилломасы вирусына тест тапсырыўы, 30-65 жастағы ҳаял-қызлар 2 жылда бир мәрте бирлемши тексериўден өткерилиўи белгиленген. Ҳәр бир ҳаял-қыз электрон дизимге киргизиледи ҳәм ҳәр қандай қәўипли өзгерислер анықланғанда системада «жойытылып қалмайды». Онкологиялық кеселлик анықланған наўқасларды анықлаў ҳәм емлеў қәрежетлери бюджет есабынан қаржыландырылады, – деди депутат.
Илажда атап өтилгениндей, усы ўазыйпалар ӨзЛиДеП сайлаўалды бағдарламасында да белгиленген. Соның ишинде, партия бағдарламасына бола, ҳаял-қызлар арасында онкологиялық кеселликлерди азайтыў мақсетинде 40 жастан өткен ҳаял-қызлар ушын тийисли дәўирде медициналық тексериўден өтиў енгизиледи.
Илаж даўамында ҳаял-қызлар саламатлығын сақлаўда, бәринен бурын, олардың медициналық мәдениятын жоқарылатыў лзәрүрлиги ҳаққында сөз болды. Сондай-ақ, қатнасыўшылар өз пикир-усынысларын билдирди.
М.КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы