Ҳүкимет қарары менен «Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердың ашықлығын тәмийинлеў тараўындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде белгиленген миннетлемелерге әмел етиўин аралықтан мониторинг етиў тәртиби ҳаққында»ғы реже тастыйықланды деп хабар береди xs.uz.

Реже төмендегилерди нәзерде тутады:

аралықтан мониторинг етиў тийкарлары;

аралықтан мониторинг етиў тәртиби ҳәм мүддетлери;

аралықтан мониторинг етиў нәтийжелерин рәсмийлестириў ҳәм көрип шығыў;

аралықтан мониторинг етиў жуўмағы бойынша анықланған жағдайлар бойынша  тәсир илажларын қолланыў.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ашықлығын тәмийинлеў тараўындағы нормативлик-ҳүқықый ҳүжжетлерде белгиленген миннетлемелерге әмел етилиўи Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен аралықтан мониторинг етиледи.

Аралықтан мониторинг етиў режели  ҳәм режеден тысқары тийкарларда өткериледи.

Агентлик мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерди аралықтан мониторинг етиў басланғанлығы ямаса өткерилип атырғанлығы ҳаққында алдыннан ескертпейди (хабардар етпейди).

Аралықтан мониторинг етиў жуўмағы (нәтийжеси) бойынша нызамшылық ҳүжжетлериниң бузылыўы анықланған жағдайлар бойынша мағлыўматнама рәсмийлестириледи.

Мағлыўматнамада атап өтилген нызамшылық ҳүжжетлериниң бузылыўы Агентликтиң ҳуқықый тәсир ҳүжжети түринде мониторинг етилген мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемге жибериледи.

Ҳуқықый тәсир ҳүжжети мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемге  келип  түскен сәнеден баслап 10 күн мүддетте көрип шығылыўы ҳәм нәтийжеси бойынша Агентликке жазба мәлимлеме берилиўи шәрт.

Қарақалпақстан хабар агентлиги