Соңғы күнлери социаллық тармақлар ҳәм ҒХҚда дүньяның бир қатар мәмлекетлеринде метапневмовирус инфекциясының тарқалыўы ҳәм оның «COVID-19»дан қәўиплирек екени ҳаққында хабарлар тарқалмақта. Санитария-эпидемиялогиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитетиниң басқарма баслығы Рустам Икрамов бул жағдай бойынша өз жуўабын мәлим етти.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, метапневмовирус алдыннан белгили болған инфекция болып, ол 2001-жылы анықланған. Метапневмовирус тийкарынан ҳаўа-тамшы жолы яки патасланған бетлер арқалы жуғады. Ҳәр жылы бул вирус пенен кеселлениў жағдайлары дүньяның барлық регионларында атап өтиледи. Қоңсы Қазақстанда да бул вирус бар болып, оның мәўсимлик өсиўи гүз-қыс айларында белгиленген.
Билдирилиўинше, метапневмовирус тийкарынан мурын ағыўы, жөтел ҳәм температура сыяқлы симптомлар менен көзге тасланады. Айырым жағдайларда бронхиолит яки пневмонияны келтирип шығарыўы мүмкин. Соған қарамастан, айырым жағдайларда наўқаслар симптомларсыз саўалып кетеди ҳәм кеселликти емлеў әдетте үй шараятында әмелге асырылады.
Өзбекстанда да мәўсимлик өткир респиратор инфекциялар көтерилиўи бақланбақта. Лаборатория тексериўлерине бола, 39,9 процентинде грипп вирусы, 32,2 процентинде риновирус, 30,6 процентинде респиратор-синцитиал вирус ҳәм 1,2 процентинде метапневмовирус анықланған. Соның ушын, халықтан кеселлик белгилери болған пуқаралар менен қарым-қатнасты шеклеў ҳәм профилактика илажларына әмел етиў соралмақта.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги халықты артықша қәўетерге түспеўге ҳәм өз саламатлығына сақ болыўға шақырады. «Метапневмовирус жаңа қәтер емес, ал мәўсимлик инфекция екенлигин умытпаў керек», делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги