Кувейттиң араб тилиндеги “Ал-Жарида” газетасы ҳәм “Q8 Press” электрон басылымында «Газа секторынан 100 бала ҳәм ҳаял-қыз Өзбекстанға емлениў ушын келди» атамасындағы мақалалар жәрияланды. Бул ҳаққында “Дунё” МА хабар берди.

Мақалада атап өтилиўинше, Өзбекстан Газа секторынан келген 100 ге шамалас палестиналы балалар ҳәм ҳаял-қызларды өз емлеўханаларында бийпул емлеў ушын қабыл етти.

Басылымлар, сондай-ақ, Өзбекстан миллий мәлимлеме агентлигиниң хабарына сүйенген ҳалда, «Саудия Арабстанының Ар-Риёз қаласында болып өткен Араб-Ислам саммитинде қатнасқан Президент Шавкат Мирзиёев өз мәмлекети урыс ақыбетлеринен жапа шеккен палестиналы балалар ҳәм ҳаял-қызларды Өзбекстан емлеўханаларында бийпул емлеўге таяр екенин тастыйықлаған», – деп атап өткен.

Атап өтилиўинше, 26-декабрь күни Өзбекстан тәрепинен Египетке арнаўлы самолёт жиберилген ҳәм 100 палестиналы ҳәм олардың жолдаслары Ташкентке жеткерилип, емлеўханаға жатқарылған,деп мәлимлеме береди хс.уз 

Қарақалпақстан хабар агентлиги