Технология әўладлар алмасыўының белгилеўши күшлеринен бири болып келмекте.

Быйыл, яғный 2025-жылдан 2039-жылға шекем туўылған балалар Бета әўладқа тийисли болады – олар технология менен әжайып интеграцияны ҳәм үлкен мәдений өзгерислерди көреди.

«Альфа әўлады» (2010-2024-жыллар аралығында туўылған балалар) атамасын жаратқан социаллық изертлеўши ҳәм футуролог Марк Маккиндлдиң пикиринше, ҳәр бир әўлад дәўири 15 жыл даўам етеди – дүньядағы сезилерли өзгерислерди ҳәм халықтың  улыўма қәдириятларын көрсетеди.

Мәселен Милленниал (1980-1994) ҳәм Z әўлады (1995-2009) көбирек технологияға тойынған дәўирде жасап атырғаны менен ажыралып турды – бул тенденция күшеймекте.

Бета әўладынан алдын Альфа әўлады ақыллы технология ҳәм жасалма интеллект раўажланыўы менен қәлиплескен болса да, Бета әўлады жасалма интеллект ҳәм автоматластырыў күнделикли турмысқа толық интеграцияласқан дүньяда жасайды – олардың санлы ҳәм реал өмирди қабыллаўы дерлик бир-биринен ажыралмас болады.

«Бета әўлад күнделикли турмыстың барлық тараўларында – билимлендириў ҳәм жумыс орынларынан баслап, денсаўлықты сақлаў, басқа барлық тараўларға жасалма интеллект ҳәм автоматластырыў толық үйлескен дәўирде жасайды.

Олардың қәлиплесиў жыллары меншиклестириўге көбирек итибар қаратылыўы менен ажыралып турады – жасалма интеллект алгоритмлери олардың үйрениў, сатып алыў ҳәм социаллық өз-ара тиәсирлерин бүгинги күнде  биз елеслете баслаған  усылларға бейимлестиреди», – деди Маккиндл

Басқа жағынан, Бета әўладына да интернеттиң айырым тәреплерине қарағанда өсип  атырған гүманлар тәсир етеди. Олар социаллық медиа менен өскен, бирақ оның турмысымызға унамсыз тәсирин жақсы билетуғын ата-аналар тәрепинен тәрбияланған дәслепки әўладлардан бири болады.

«Мәселен Z әўладтың ата-аналары перзентлериниң интернеттен пайдаланыўдың абзаллықлары менен бирге оның унамсыз тәреплери бар екенлигин ҳәм шеклеў тийкарғы әҳмийетке ийе екенлигин де бийкарламайды» – деп қосымша етеди қәниге.

2035-жылға келип Бета әўлады дүнья халқының 16 процентин қурайды.

Олардың дүньясы климат өзгериўи ҳәм глобал демография сыяқлы әҳмийетли социаллық машқалалар себепли қәлиплескен алдынғы әўладлардан  сезилерли дәрежеде ажырылып турады – бул мәселелерге көз қарасы, мүмкиншилик, ҳәр түрлилик ҳәм теңликти қоллап-қуўатлаған басқа әўладлар ата-аналарының қәдириятлары  тийкарында қәлиплестирилиўи мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги