Министрлер Кабинетиниң 18-декабрьдеги қарары менен мектепке шекемги билимлендириў системасын санластырыў ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумысын және де  жетилистириўдиң қосымша илажлары белгиленди деп хабар береди xs.uz.

30-сентябрьдеги президент пәрманына муўапық, мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директорының орынбасарына билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў, педагог хызметкерлердиң үзликсиз кәсиплик раўажланыўын тәмийинлеў процесине инновациялар, алдынғы педагогикалық ҳәм санлы технологияларды кеңнен енгизиў  ўазыйпалары жүкленген еди.

Мәмлекетлик ШБШларда хызметкерлердиң мийнет ҳақысын, азық-аўқат қәрежетлери, ата-аналарға алимент бойынша төлемлер ҳәм басқа төлемлерди биометриялық идентификация  технологиясынан пайдаланған ҳалда автомат есаплаў енгизиледи.

Бос жумыс орынларын есапқа алыў, балаларды гезекке қойыў ҳәм ШБШға жайластырыў  ушын жолламаларды қәлиплестириў Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң «Балалар бақшасы» мектепке шекемги  билимлендириўди басқарыў мәлимлеме системасында  әмелге асырылады.

2025-жыл 1-февральдан Ташкент қаласында сынақ түринде, 2025-жыл 1-июльден болса барлық мәмлекетлик ШБШларда «Балалар бақшасы» мәлимлеме системасы арқалы хызметкерлер ҳәм тәрбияланыўшылардың электрон қатнасы, жумыс ўақты, тәрбияланыўшылардың  азық-аўқат  қәрежетлерин есапқа алыў енгизиледи.

«Балалар бақшасы» мәлимлеме системасына хызмет көрсетиў, оны қоллап-қуўатлаў ҳәм жетилистириўди «UZINFOCOM» ЖШЖ система операторы әмелге асырады, онда көрсетилген  хызметлер ушын ата-аналар төлеминиң 2 проценти бағдарланады.

Экономика ҳәм қаржы министрлиги 2025-жылдан баслап хызметкерлер ҳәм балалардың қатнасыўын шахсты биометриялық идентификациялаў технологиясы арқалы қадағалаўға алыўды жолға қойыў ушын балалар бақшаларын планшетлер ҳәм басқа үскенелер менен тәмийинлеў ушын мәмлекетлик бюджеттен кеминде 50 миллиард  сум ажыратады.

2025-жыл 1-июльден фискал белгили касса чеки берилместен ата-аналардың төлемлерин қабыллаў қадаған етиледи. Ата-аналар төлемлериниң түсими ҳаққындағы мағлыўматлар салық уйымларының мәлимлеме системасына  автомат түрде бериледи ҳәм нызам ҳүжжетлерине муўапық дәрамат салығынан азат етиўди қолланыў  ушын тийкар болып хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги