Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў мәкемелериниң 2025-2026-оқыў жылына қабыллаў ушын бакалавриат билимлендириў бағдарлары ҳәм оларға сәйкес тест сынағы (ямаса кәсиплик дөретиўшилик имтихан) пәнлер комплекси жәрияланды. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги мәлим етти деп хабар береди xs.uz.
Төменде айырым билимлендириў бағдарлары бойынша тест сынағы ҳәм кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан пәнлер комплекси келтирилген:
Мектепке шекемги билимлендириў
1-пән: Биология
2- пән: Анат тили ҳәм әдебияты
Басланғыш билимлендириў
1- пән: Ана тили ҳәм әдебияты
2- пән: Математика
Педагогика ҳәм психология
1- пән: Тарийх
2- пән: Ана тили ҳәм әдебияты
Журналистика
1- пән: Кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан
2- пән: Ана тили ҳәм әдебияты
Толық дизим ҳәм сабақлардың мағлыўматы менен Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң рәсмий веб-сайты арқалы танысыў мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги