«Trading Economics» тәрепинен 2024-жылы дүньядағы ең үлкен алтын резервине ийе мәмлекетлер рейтинги жәрияланды.
Рейтингтиң биринши орынын 8133 тонна алтын резерви менен АҚШ ийелеген. Германия 3352 тонна менен екинши, Италия 2 452 тонна менен үшинши орында жайласқан.
Ең үлкен жер майданына ийе Россия да 2336 тонна менен бесинши орынды бәнт еткен.
Өзбекстан болса дүнья рейтингиниң 16-орнында болып, 374 тонна алтынға ийе деп атап өтилген. Бул Орайлық Азиядағы ең үлкен алтын резерви болып табылады.
Алтын резерви мәмлекеттиң экономикалық турақлылығы, миллий валютаның стабилизациясы ҳәм басқа мақсетлер ушын үлкен әҳмийетке ийе. Соның ушын, бул мәмлекеттиң экономикалық жағдайы ҳәм раўажланыўы ушын үлкен өзгериўшең фактор болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги