Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарындағы қарар ҳәм пәрманлары тийкарында аграр тараўға бир қанша жаңа техника ҳәм технологиялардың енгизилиўи нәтийжесинде тараў раўажланыўдың жаңа  басқышына көтерилмекте.

Нөкис районында шөлкемлестирилген семинарда, аўыл хожалығын буннан былай да раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәниси атап өтилди.

Семинарға, Республикамыздан бириктирилген ўәкиллер, тараўға байланыслы қәнигелер менен фермерлер қатнасты.

Онда  2025-жылдың өними ушын аўыл хожалығы егинлери  егилетуғын егислик майданларды шүдигарлаў, лазерли тегислеў, шорды жуўыў, ғәлле тәрбиясы, каналларды бетонлаў ҳәм бәҳәрги егиске техникаларды сазлаў сыяқлы мәселелер орын алды.

Сондай-ақ, бүгинги күнде аграр тараўды раўажланыў мақсетинде  жаратылып атырған жаңа  имканиятлар менен шараятлардан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги