Усы күнлери Жәҳән бажыхана шөлкеминиң Брюсселдеги бас резиденциясында өткерилип атырған сессияда Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Бажыхана комитети Орайлық бажыхана лабороториясы хызметкерлери де қатнаспақта.

Сессия күн тәртибинде Өзбекстан бажыханашыларының басламасы менен тарийхта биринши мәрте Товарларды сыпатлаў ҳәм кодлаўдың халықаралық уйлестирилген системасына жаңа товар коды « Энергетик » ишимликлерине айрықша жаңа ТИФ ТН код номери ажыратылыўы бойынша усынысы да көрип шығылмақта.

Ҳәзирге шекем Уйлескен системаға өзгерислер киргизиў бойынша усыныслар тийкарынан АҚШ, Европа Аўқамы мәмлекетлери, Қытай, Россия, Канада, Қубла Корея, Япония сыяқлы мәмлекетлерден алға қойылған болса, енди Өзбекстан усы дизимнен орын алмақта. Бул Жаңа Өзбекстанның бажыхана хызметиниң жумысы раўажланған мәмлекетлер дәрежесине көтерилип атырғанлығынан дәрек болып табылады.

Сессия 31-майға шекем даўам етеди.

Еслетип өтемиз, «Товарларды сыпатлаў ҳәм кодлаўдың уйлестирилген системасы ҳаққында»ғы халықаралық конвенция 1983-жылы 14-июньда Брюсселде қабыл етилген болып, Өзбекстан Республикасы усы халықаралық конвенцияға 1998-жылы 29-августта қосылған.

                                                                                                                                   ӨзА