12-февраль күни Самарқандтағы Конгресс орайында БМШтың Жабайы ҳайўанлардың көшип жүриўши түрлерин сақлаў бойынша конвенциясы (CMS COP14) қатнасыўшылары конференциясы 14-мәжилисиниң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

1979-жылы Германияның Бонн қаласында қабыл етилген ҳәм 1983-жылы күшке кирген бул конвенцияға дүньяның 133 мәмлекети ағза есапланады. Өзбекстан 1998-жылы конвенцияға қосылған ҳәм соннан берли оның жумысында белсенде қатнасып келмекте. Сол себепли де Орайлық Азия мәмлекетлери арасында дәслепки мәрте мәмлекетимизде конвенция қатнасыўшылары конференциясының мәжилиси өткерилмекте. Буннан алдыңғы 13-мәжилис, пандемиядан алдын Ҳиндстанда шөлкемлестирилген. Өткен дәўир даўамында жыйналып қалған көплеген мәселелерге қатнасыўшылар бул рет Самарқандта шешим табыўға, әҳмийетли темалар бойынша жүзбе-жүз пикир алысыўға келискен.

«Тәбият шегара билмейди» сүрени астында өткерилип атырған мәжилисте халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, 130 мәмлекеттен 1800 ден аслам қатнасыўшы қатнаспақта.

Дәслеп Президент Шавкат Мирзиёевтиң форум қатнасыўшыларына қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов оқып еситтирди.

Сондай-ақ, илажда БМШ Бас хаткери орынбасары, шөлкемниң қоршаған орталық бойынша бағдарламасының (UNEP) атқарыўшы директоры Ингер Андерсен ханым, Көшип жүриўши түрлер бойынша конвенцияның атқарыўшы хаткери Эми Франкел, Глобал экологиялық қоры бас директоры Карлос Родригес, Халықаралық тәбиятты қорғаў аўқамы (IUCN) Бас директоры Гретел Агилар ҳәм басқалар сөзге шығып, бул илаж дүньяда климат өзгерислери күшейип баратырған бүгинги шараятта зәрүр әҳмийетке ийе екенин атап өтти.



















– Биз бүгин миграция түрлери келешеги ушын шешиўши мәўсимде турыппыз, – деди көшип жүриўши түрлер бойынша конвенцияның атқарыўшы хаткери Эми Франкел. – Орайлық Азияда дәслепки мәрте өткерилип атырған бул ушырасыў көшип жүриўши түрлерди сақлаўға садық болған ҳүкиметлер ҳәм дүнья жәмийетшилигин бирлестирген ҳалда трансшегаралық бирге ислесиў зәрүрлигин көрсетпекте. Мәжилимиз күн тәртиби кең қамтылған. Онда көплеп мәселелерди талқылаў, бир қатар әҳмийетли ҳүжжетлер қабыл етиў нәзерде тутылған. Ҳәр жылы миллиардлаған ҳайўанлар жерде, океанларда ҳәм аспанда көшип жүреди, миллий шегаралар ҳәм континентлерди кесип өтеди. Айрымлары болса азықланыў ҳәм көбейиў ушын дүнья бойлап мыңлаған километр жол басады. Олар жақсы ислейтуғын экосистемалардың ажыралмас бөлеги, атап айтқанда, азық-аўқат дәреги, туризмнен алынатуғын экономикалық пайда ҳәм өсимликлерди шаңлатыў, тийкарғы азықлық элементлерин тасыў, зыянкеслерди жоқ етиўде әҳмийети үлкен. Соның ушын оларға итибар соған жараса болыўы керек. Конвенцияға ағза мәмлекетлер ўәкиллери, министрлер, халықаралық шөлкемлердиң жуўапкерлери менен бүгин жоғалып кетиў қәўипи көбейип баратырған түрлер бойынша пикир алысамыз, өзимиздиң жуўмақларымызды усынамыз. Ҳәм әлбетте, кейинги ўазыйпаларды белгилеп аламыз.

Өзбекстан экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов мәмлекетимиз басшысының айрықша итибары менен қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўиниң алдын алыў бойынша зәрүр илажлар көрилип атырғанын атап өтти. Қорғалатуғын аймақлар майданын 6 миллион гектарға жеткериў бойынша ис-ҳәрекетлер, республика бойлап ҳәр жылы 200 миллион түп нәл егиў нәзерде тутылған «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары әмелге асырылып, Аралбойы аймағы экосистемалары жақсыланып атырғаны солардың қатарына киреди.

– Усы ҳәпте даўамында биз миграция түрлерине байланыслы бир қатар мәселелерди, атап айтқанда, климат өзгериўиниң социаллық-экономикалық ҳәм экологиялық машқалаларын талқылаймыз, – деди А.Абдуҳакимов. – Мақсетимиз – экосистемалар ҳәм саламат планетаны сақлаўда әҳмийетли роль атқаратуғын көшип жүриўши түрлерин сақлаў бойына шешим табыў ҳәм нәтийжели режелер ислеп шығыў.

CMS COP14тың бир ҳәптелик күн тәртибинде жүзден аслам мәселелерди көрип шығыў нәзерде тутылған. Атап айтқанда, биринши күнги илажлар шеңберинде көшип жүриўши жабайы тәбият түрлериниң жағдайы ҳаққындағы биринши глобал есабат презентациясы болып өтти. Сондай-ақ, көшип жүриўши түрлер ҳәм Орайлық Азияда турақлы раўажланыў жолында бирге ислесиў, көшип жүриўши түрлерди сақлаў бойынша трансшегаралық ҳәм регионаллық бирге ислесиў мәселелери талқыланды.

Илажлар шеңберинде Өзбекстан экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов БМШ Бас хаткери орынбасары, шөлкемниң қоршаған орталық бағдарламасының (UNEP) атқарыўшы директоры Ингер Андерсен ханым ҳәм басқа да абырайлы мийманлар, делегациялар басшылары  менен ушырасыўлар өткерди.

Халықаралық форум даўам етпекте.

 

Ғолиб ҲАСАНОВ,
ӨзА хабаршысы