Миллионлаған бийгүнә инсанлардың өмирден ерте көз жумыўына себепши болған,  мыңлаған аўыл ҳәм қалаларға ўайраншылық, апатшылық келтирген екинши жер жүзилик урыс бизиң халқымыз турмысында да умытылмас из қалдырды.

Атап айтатуғын болсақ, соның ишинде Кегейли районынан бул урысқа 4462 адам қатнасып, соннан, 2857 жаўынгер көкиреги толы орден ҳәм медальлар менен елимизге аман-есен қайтып келди. Ал, 962 азамат  урыста мәртлерше қаза тапқан болса, 679 жерлесимиз бийдәрек жоғалды.

Мине усы азаматларымызды еске алыў, олардың мәртлик ислерин қәдирлей билиў биз келешек әўладтың алдында турған баслы ўазыйпаларымыздан бири болып табылады.

«9-май-Еслеў ҳәм қәдирлеў күни»  мүнәсибети менен республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы, Кегейли районында да салтанатлы байрам илажы шөлкемлестирилди. Оған район басшылары, белсендилери, нуранийлер, фронт артында мийнет еткен ветеранлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жаслар қатнасты.

Илаж қатнасыўшылары ең дәслеп район орайындағы «Ҳәсиретли ана» естелигине  гүллер қойды.

Буннан соң, пүткил дуньяның тынышлығына, абадан турмысына үлес қосқан, мәрт, жаўынгер аталарымыздың руўхына қуран оқылып, жақсы тилеклер билдирилди.

Илажда район ҳәкими А.Камалов шығып сөйлеп, урыс қатнасыўшыларының уллы хызметлерин жоқары баҳалады ҳәм бүгинги күни ҳәр бир инсан оларға мүнәсип перзентлер болып, кәмилликке  қарай бағдар алып жасаўымыз кереклигин атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги