Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Қанлыкөл районындағы Бескөпир аўыл пуқаралар жыйынында болып, аймақ турғынлары менен ушырасты.

Ушырасыўда соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында халқымыздың абаданлығы жолындағы ийгиликли ислер, кең көлемли реформалар қала ҳәм районларымыздан баслап алыс аўылларға шекем, ҳәр бир шаңараққа кирип барып атырғанлығы атап өтилди.

Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы аймақта “Абат шаңарақ”, “Абат көше” ҳәм “Абат мәҳәлле” бағдарламасы шеӊберинде әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў, соныӊ ишинде, аўылдағы 17.5 километр ишки жолды оңлаў, аўыл пуқаралар жыйыныныӊ жаӊа имаратын қурыў жумыслары менен жақыннан танысты. Сондай-ақ, “Сайхунабад тәжирийбеси” тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар, аймақтағы үлгили көшеде қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў бойынша орынланған илажлар көрип шығылды.

Усы аймақта жасаўшы А.Қудайбергенов шаӊарағында аз жерден мол өним алып, қосымша қоян бағыў, қусшылық, пал ҳәррешилигин жолға қойыў арқалы жақсы дәрамат алыў жумыслары көзден өткерилип, бул тәжирийбени еле де кеӊнен ен жайдырыў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырма берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги