Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим 17-май күни рәсмий сапар менен мәмлекетимизге келди.

Пайтахтымыз аэропортында жоқары мәртебели мийман ҳүрметине еки елдиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Малайзия Ҳүкимети басшысын Өзбекстан Республикасы Бас министри ҳәм басқа рәсмийлер күтип алды.

Бир неше мың шақырым аралықтағы тилеклери, ири жойбарлар бир мақсеттеги мәмлекетлерди ажырата алмайды. Ортада жақсы нийет ҳәм бирге ислесиў ушын исенимли умтылыс болса жетерли.

Ташкенттен Куала-Лумпурға ушқан самолёт шама менен ярым күн пәрўаз етеди. Бул мағлыўматты Өзбекстан ҳәм Малайзия арасындағы қашықлықты көз алдыңызға келтириў ушын келтирдик. Мәнзил алыс, бирақ еки мәмлекеттиң дини бир, қәдириятлары уқсас.

 Бас министр Анвар Иброҳим ҳәм Малайзия делегациясының ағзалары “Жаңа Өзбекстан” паркине барып, Мустақиллик монументине гүл қойды, мәмлекетимиздиң ғәрезсизлик раўажланыў жолы ҳәм усы комплекстиң жаратылыў тарийхы менен танысты.

“Көксарай” резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола мәмлекетимизге рәсмий сапар менен келген Малайзия Бас министри Анвар Иброҳимди салтанатлы күтип алыў мәресими болып өтти.

Резиденция алдындағы майданда ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Мәмлекетимиз басшысы жоқары мәртебели мийманды қызғын күтип алып, минберге мирәт етти.

Әскерий оркестр еки мәмлекеттиң миллий гимнлерин атқарды.

Жетекшилер ҳүрметли қараўыл сапы алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.

Соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим еки мәмлекет рәсмий делегацияларының қатнасыўында сөйлесиў өткерди.

Ушырасыў алдынан Малайзия Ҳүкимети басшысы Президентимизге Малайзия Патшасы Султон Иброҳимниң шын жүректен сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерип, делегациясына көрсетилип атырған жыллы жүзлилик ҳәм шын жүректен қабыл еткени ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдирди.

Сөйлесиўлерде Өзбекстан менен Малайзия арасындағы дослық ҳәм көп тәреплемели шериклик қатнасықларын және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстан Президенти соңғы 16 жылда дәслепки мәрте өткерилип атырған бул жоқары дәрежедеги сапар еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында жаңа дәўир ашып атырғанын атап өтти.

– Малайзия тек Қубла-Шығыс Азия регионында ғана емес, ал дүнья жүзи көлеминде үлкен потенциалға ийе болған, жедел өсип баратырған мәмлекет болып табылады. Мәмлекетиңиз бенен байланысларды сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў тийкарғы мақсетимиз есапланады, – деп атап өтти Өзбекстан Президенти.

Сиясий қарым-қатнас ҳәм парламентлераралық байланысларды және де беккемлеў, халықаралық шөлкемлер шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам етиў, гуманитарлық ҳәм билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў, туризм ҳәм мәдений алмасыўларды жеделлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда әмелий бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Өткен жылдыӊ жуўмағы бойынша товар алмасыў көлеми еки еседен асламға өсти, биргеликтеги кәрханалардың саны артып бармақта, Ташкент ҳәм Куала-Лумпур арасындағы авиарейслер көбеймекте.

Өз-ара саўда көлеминиң келешекте де өсиўин тәмийинлеў ҳәм көрсеткишлерди тең салмақлыластырыў, ири биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Сапар шеңберинде өткерилетуғын Өзбекстан – Малайзия бизнес форумы жуўмақлары инвестициялық шерикликти кеңейтиўге, инновациялар, санаат, “жасыл” энергетика, нефть-химия, электр техникасы ҳәм электроника, фармацевтика ҳәм басқа тараўларда жетекши компаниялардың кооперациясына хызмет ететуғынына исеним билдирилди.

Усы ис-ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде мәмлекетимиз Өзбекстан – Малайзия санаат зонасын шөлкемлестириўге таяр екени атап өтилди.

Аўыл хожалығында, атап айтқанда, суўды үнемлеў технологияларын енгизиў, мийўе-овощ өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў, “Ҳалал” стандартлары бойынша сертификатластырыў мәселелери бойынша бирге ислесиў перспективалары көрип шығылды.

Мәлимлеме технологиялары, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм транспорт байланыслығын кеңейтиў тараўларындағы шериклик мәселелери додаланды.

Саўда-экономикалық бирге ислесиў күн тәртибин системалы кеңейтиў мақсетинде әмелдеги Саўда бойынша биргеликтеги комитетти Ҳүкиметлераралық комиссияға айландырыў ҳәм оның биринши мәжилисин усы жылы өткериў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәдений-гуманитарлық алмасыўды және де жеделлестириўге исенимли умтылыс билдирилди.

Кадрларды таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў, энергетика, ислам қаржысы, экология, жасалма интеллект, туризм тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў, денсаўлықты сақлаў тараўында илимий-әмелий байланысларды беккемлеў әҳмийетли екени атап өтилди.

Малайзиялы саяхатшылардың Өзбекстанға ағымы тез пәт пенен өсип баратырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Зыярат туризми бойынша биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыў, соның менен бирге, “Умра плюс” жойбарын алға қойыў ҳәм жасларымыздың арасында қарым-қатнасты беккемлеў илажлары додаланды.

Жетекшилер Орайлық ҳәм Қубла-Шығыс Азиядағы регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплери ҳәм Аўғанстан мәселеси бойынша да пикир алысты. Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Қосылмаў  ҳәрекети шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам етиў әҳмийетли екени атап өтилди.

“Орайлық Азия + АСЕАН” форматындағы сыртқы ислер министрлериниӊ қарым-қатнасын дүзиў усынысын көрип шығыў басламасы билдирилди.

Исенимли, ашық ҳәм дослық орталығында өткен сөйлесиўлердиң жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Малайзия Бас министри Көп тәреплемели бирге ислесиўди тереңлестириў ҳаққындағы Биргеликтеги билдириўге қол қойды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим сөйлесиўлерден соң ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын баянат пенен шықты.

Жетекшилер ашық, исенимли ҳәм дослық орталығында өткен саммиттиң табыслы нәтийжелерин жоқары баҳалады.

Мәмлекетимиз басшысы еки халық арасындағы улыўмалық дин, бир-бирине уксас үрп-әдет ҳәм қәдириятларға тийкарланған әзелден тығыз байланысларды айрықша атап өтти.

– Малайзия тек Қубла-Шығыс Азияда ғана емес, ал пүткил дүньяда жедел раўажланып баратырған мәмлекет, бизлердиң ўақыт сынақларынан өткен исенимли бирге ислесиўшимиз болып табылады, – деди Өзбекстан Президенти.

Раўажланыў ҳәм модернизацияға қаратылған «Өзбекстан – 2030» ҳәм «Малайзия Мадани» стратегиялық бағдарламаларының мақсет ҳәм ўазыйпалары уқсас екени атап өтилди.

Малайзия Бас министринин бүгинги тарийхый сапары еки тәреплеме қатнасықларда жаңа бет ашатуғыны ҳәм олардың раўажланыўына күшли пәт бағышлайтуғыны атап өтилди.

Сөйлесиўлер барысында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў бойынша тийкарғы бағдарлар ҳәм жаңа шеклер белгилеп алынды.

Жоқары дәрежедеги сиясий қарым-қатнас ҳәм байланысларды жеделлестириў, биргеликтеги Ҳүкиметлераралық комиссияны иске қосыў бойынша келисимлерге ерисилди.

Жақын келешекте еки тәреплеме қатнасықларды кең көлемли бирге ислесиў дәрежесине алып шығыўға өз-ара умтылыс билдирилди.

Жетекшилер товар алмасыў көлемин ҳәм биргеликтеги кәрханалардың санын көбейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратты. Тәреплер бул көрсеткишлерди жақын келешекте бир неше есеге көбейтиў бағдарында системалы жумысларды жолға қойыўға келисип алды.

Мәмлекетимиз басшысы бул мақсетке ерисиўде товарлардың номенклатурасын кеңейтиў ҳәм өз-ара саўданыӊ тең салмақлылығын тәмийинлеў, үшинши мәмлекетлердиң базарларына биргеликте шығыў, жоқары технологиялы жойбарларды алға қойыў ушын арнаўлы санаат зонасын жаратыў керек екенлигин атап өтти.

Энергетика, нефть-химия, таў-кән, электротехника, аўыл хожалығы, азық-аўқат санааты, фармацевтика, қаржы, IT ҳәм басқа тармақларда кооперация бойынша анық режелер белгиленди.

Самарқанд қаласында еки мәмлекеттиң жетекши компанияларының қатнасыўында болып өтетуғын бизнес форумының нәтийжелери, қол қойылатуғын салмақлы инвестиция келисимлери бирге ислесиўге жаңа мазмун бағышлайтуғына исеним билдирилди.

Регионаллық ҳәм халықаралық шөлкемлер шеңберинде тығыз байланыс ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам етиўге исенимли умтылыс тастыйықланды.

Мәдений-гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиўге, атап айтқанда, мәденият ҳәптеликлери, жаслар, билимлендириў ҳәм спорт форумлары, түрли көргизбелерди өткериўге қаратылған илажлар қабыл етиледи.

Саммиттиң нәтийжелери Өзбекстан-Малайзия қатнасықларын беккемлеўге, көп тәреплемели бирге ислесиўди жаңа әмелий мазмун менен байытыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Сөйлесиўлердиң жуўмақлары бойынша барлық ерисилген келисимлерди оз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша биргеликтеги «жол картасы»н қабыл етиўге келисип алынды.

Өзбекстан – Малайзия саммитиниң жуўмағында “Көксарай” резиденциясында терек егиў мәресими болып өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Бас министр Анвар Иброҳим Ҳүрметли мийманлар қыябанында шырша екти.

Бул халқымыздың арасындағы дослықтың беккемленип атырғаны, еки мәмлекет жетекшилериниң Өзбекстан ҳәм Малайзия арасындағы көп тәреплемели қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге исенимли умтылысының белгиси болды.

Малайзия Бас министри Анвар Иброҳимниң мәмлекетимизге рәсмий сапары даўам етпекте.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

 Икром АВВАЛБОЕВ,

 ӨзА хабаршылары