Усы жылдың 16-19-май күнлери Қарақалпақстан Республикасында биринши мәрте спорттың Мас-Рестлинг түринен ересеклер ҳәм жаслар арасында Азия чемпионаты беллесиўлери болып өтти.
Чемпионат беллесиўлериниң ашылыў мәресими болып өтип, онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшыларды жарыстың ашылыўы мүнәсибети менен қутлықлады ҳәм әўмет тиледи.
Чемпионат мийманлары Халықаралық Мас-рестлинг федерациясының биринши вице-президенти Инокентий Григорьев ҳǝм Азия Мас-рестлинг федерациясының президенти ҳǝм халықаралық Мас-рестлинг федерациясының вице-президенти Илгам Кадировлар бул спорт түри, оны раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти.
Бул спорт түри Қарақалпақстан Республикасында биринши мәрте өткерилип атырған спорт түрлеринен болып, Якутия мәмлекетинде пайда болған. Мас-рестлинг спорт түринде спортшылар бир-бирине қарама-қарсы отырып, аяқларын таяныш тахтасына қойып, төрешиниң буйрығы менен қарсыласын өз тәрепине тартады ямаса қарсыласының қолынан таяқты тартып алыўға ҳәрекет етеди. Ол арқан тартыў ойынынан келип шыққан Якутияның миллий спорт түри болып есапланады.
Якут тилинен аўдарғанда «мас» – «терек, таяқ», рестлинг – инглис тилинен – “гүрес” деген мәнисти аңлатады.
2000-жылы Мас-рестлинг халықаралық олимпиада комитети қәўендерлигиндеги “Азия балалары” халықаралық спорт ойынлары бағдарламасына киргизилген.
Чемпионатқа алты мǝмлекеттен улыўма 150 ден аслам спортшылар қатнасты. Атап айтқанда, усы спорт түри раўажланған Монголиядан 23, Ҳиндстаннан 11, Қазақстаннан 23, Қырғызстаннан 41, Пакистаннан 6, Өзбекстаннан 72 спортшы қатнасып, өз-ара күш сынасты.
Жарысты Якутия, Монголия ҳǝм Ҳиндстан мǝмлекетлеринен тәжирийбели төрешилер баҳалап барды.
Жарыслар төрт жас категориясы, ересеклер ҳǝм ҳаял-қызлар, абсолют салмақтағы ересеклер ҳǝм ҳаял-қызлар, жас өспиримлер ҳǝм қызлар, үлкен жастағы (ветеран) ересеклер ҳǝм ҳаяллар арасында болып өтти.
Үш күнлик қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында командалық есапта Қырғызстан мәмлекетиниң сайланды командасы биринши, Өзбекстан Республикасының сайланды командасы екинши, Монголия мәмлекетиниң сайланды командасы үшинши орынды ийеледи.
Жеңимпазлар мүнәсип сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги