Нөкис районында жасаўшы ҳаял Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигине арза менен мүрәжәт етти.

Ол өз арзасында Нөкис қаласында жасаўшы Р. исмли шахс өзиниӊ жоқары лаўазымларда ислеўши таныслары арқалы Нөкис қаласындағы Қыстаўлы медициналық жәрдем емлеўханасына жумысқа орналастырып бериў есабынан 40 миллион сум талап етип атырғанлығын ҳәм оған нызамлы тийкарда шара көриўин соранған.

Арзаға тийкарланып Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Оператив излеў хызмети Жынаят излеў басқармасы коррупция ҳәм экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў бөлими, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармалары хызметкерлери тәрепинен Нөкис қаласында өткерилген оператив илаж даўамында Р. исмли шахс арза ийесинен 40 миллион сум пулды алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланды.

Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьясы менен жынаят иси қозғатылып, ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги