Тахтакөпир районында «9-май –Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» ҳәм Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 79 жыллығы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Илажда Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов, сектор баслықлары, районлық қорғаныў бөлими хызметкерлери, районлық Кеңес депутатлары, мийнет нуранийлары, өзлериниң азаматлық әскерий миннетин Аўғанстанда өтеп келген жаўынгерлер ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Олар ең дәслеп район орайындағы «Шейитлер естелиги»не гүл шеңберлерин қойып, жас әўладлардың келешеги ушын жан пидә еткен ата-бабаларымыздың руўхына Қуран аятларын оқыды.

Бүннан соң район ҳәкими Ж.Адилов ҳәм басқалар аймақ халқын байрам менен қутлықлап, екинши жер жүзилик урыс жылларында өзлериниң ерликлерин көрсеткен аталарымызды ҳүрмет пенен еске алды. Сондай-ақ, илажда фронт артында тылда хызмет еткен халқымыздың пидәкерлик мийнетлери де атап өтилди.

Байрам илажы районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги