И.Юсупов атындағы дөретиўшилик  мектеби оқыўшылары 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен пайтахтымызда жайласқан «Ҳәсиретли Ана» естелиги ҳәм «Ўатансүйиўшилик бағы» нда саяхатта болды.


Оқыўшылар саяхат даўамында естеликлер менен танысып, гүллер қойып,  екинши жер жүзилик урыс дәўиринде фронт майданында хызмет еткен пидайы инсанлар ҳаққында мағлыўматлар алды. Оқыўшылар тынышлық ҳаққында қосықларды ядтан айтып,  фронт майданында қайтыс болғанлардың дизимлери менен танысты.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги