Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги Ветеранлар жумысы бойынша Арқа-батыс әскерий округи кеӊесиниӊ басламасы менен Нөкис қаласында Қураллы Күшлердиӊ ветеранлары ҳәм жаслардыӊ қатнасыўында түрли илажлар өткерилди.

9 май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине бағышлап “Инсан әзиз, еслеў муқаддес!” сүрени астында өткерилген илажлардыӊ тийкарғы мақсети, жаслар арасында Екинши жер жүзилик урыста ата-бабаларымыздыӊ қосқан үлеси, фронт артында апаларымыздыӊ машақатлы мийнети туўралы толық мағлыўмат бериў, Ўатанныӊ азатлығы ҳәм тынышлығы бийбаҳа байлық, оны сақлаў, соӊғы деми қалғанша қорғаў мәрт ҳәм уллы инсанлардыӊ муқаддес миннети екенлигин түсиндириўден  ибарат болды.

Жас әўладтыӊ әскерий кәсипке қызығыўшылығын арттырыў, жаслардыӊ қәлби ҳәм санасына Ўатанды қорғаў мақтанышлы ҳәм муқаддес миннет екенлигин сиӊдириў арқалы миллий идея ҳәм Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў, республикамыздыӊ ески тарийхы, мәденияты, елимиздиӊ ғәрезсизлиги ҳәм раўажланыўы жолында мәртлерше гүрескен миллий қаҳарманлар менен мақтаныў сезимлерин беккемлеў, миллий армиямыздыӊ қүдирети ҳәм потенциалына болған исенимди және де  күшейтиў, Екинши жер жүзилик урыста фашизмге қарсы мәртлерше гүрескен Ўатанласларымыздыӊ атын мәӊгилестириў мақсетинде Нөкис қаласындағы “Ўатансүйиўшилер бағы”нда ветеранлар менен жаслардыӊ қатнасыўындағы саяхат оғада тәсирли болды.












Дәслеп қатнасыўшылар “Ҳәсиретли ана” естелигине гүл шеӊберлерин қойып, Ўатанымыздыӊ азатлығы жолында гүресип өткенлердиӊ естелигин ядқа алды. Ветеранлардан олардыӊ мәртлик ислери бойынша мағлыўматларға ийе болды. Буннан кейин бағ ишиндеги әскерий техникалар  менен танысып, олар туўралы түсиник берилди.

Нөкис гарнизоныныӊ әскерий оркестри тәрепинен атқарылған Ўатанды жырлаўшы қосықлар ушырасыўға өзгеше пайыз бағышлады.

Екинши жер жүзилик урыс туўралы мағлыўматларды өзинде сақлап киятырған “Еслеў үйи” жаслар ҳәм ветеранлардыӊ кейинги мәнзили болды. Ата-бабаларымыздыӊ мәртлиги туўралы мағлыўматлар, урыс жылларында басылып шыққан мақалалар ҳәм очерклер, хатлардыӊ көширмелери ҳәм басқа да мағлыўматлар жасларда айрықша тәсир қалдырды.

Сондай-ақ Нөкис гарнизоныныӊ Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында оқыўшы-жаслар менен ветранлар шахмат тахтасында өз-ара күш сынасты. Саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўға қаратылған бул илаж өсип киятырған жас әўладтыӊ ҳеш кимнен кем емеслигин, спортта, билимлендириўде, көркем өнерде ҳәм дөретиўшиликте өзлерин көрсете алатуғынларын дәлилледи. Жарыс жуўмағында жеӊимпаз болған жаслар хошаметленди. Қорғаныў министрлигиниӊ “Жас әўладты әскерий-Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда белсене қатнасқаны ушын” көкирек белгиси жаслардыӊ тәрбиясында пидайылық көрсетип киятырған бир топар ветеранларға салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги