Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Венгрия сыртқы ислер ҳәм саўда министри Петер Сийярто менен ушырасты.

Тәреплер көп тәреплемели стратегиялық шериклик күн тәртиби байып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Сөйлесиў даўамында еки ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиў, бир қатар тараўлардағы байланысларды және де жеделлестириў жоллары додаланды.

Қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў тараўында бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық түсинисиў меморандумына қол қойылды, министрликлер арасында 2024-2026-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы қабыл етилди.

ӨзА