Президентимиздиң 2024-жыл 7-майдағы “Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында”ғы пәрманына байланыслы мәмлекетимиздиң барлық орынларында екинши жер жүзилик урыс  ҳәм мийнет фронты нуранийлериниң  ҳалынан хабар алынып, оларға саўғалар тапсырылмақта.

Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ўәкиллери ҳәм Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесинен сайланған депутатлар екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм фронт артында хызмет еткен ветеран нуранийлердиң жағдайларынан хабар алмақта.

Илажды шөлкемлестириўден мақсет, мәмлекетимизде 9-май улыўмахалықлық байрамы-Еслеў ҳәм қәдирлеў күнин, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары, фронт артында хызмет еткен  мийнет нуранийлери ҳәм  ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында қайтыс болған әскерий ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлерине ҳүрмет көрсетиў, журтымызда мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик, инсаныйлық, кеңпейиллик ҳәм қайыр-сақаўат орталығын және де беккемлеў, жас әўладты миллий үрп-әдет ҳәм  дәстүрлеримизге сай тәрбиялаў, сондай-ақ, байрамды жоқары кейпиятта өткериў болып есапланады. Усы мақсетте партияның барлық қалалық ҳәм районлық Кеңеслери тәрепинен урыс ҳәм мийнет нуранийлериниң шаңарақларына барып материаллық жәрдемлер көрсетилмекте. Илаж даўамында Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы, Нөкис қаласы, “Әмиўдәрья” МПЖ да жасаўшы Қәдирбай Нармановтың шаңарағына барып жағдайынан хабар алынып, оған байрам саўғалары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги