Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында қарақалпақ әдебиятыныӊ жарқын жулдызлары И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергенов туўылғаныныӊ 95 жыллығына бағышланған “Қарақалпақ әдебиятыныӊ өшпес жулдызлары” атамасында әдебий кеше болып өтти.

Илажда филиал директоры А.Есимбетов, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, филилогия илимлериниӊ кандидаты А.Абдиев, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамыныӊ ағзасы, шайыр Р.Отарбаев  ҳәм басқада шығып сөйлеўшилер қарақалпақ әдебиятында өшпес из қалдырған бул еки дөретиўшиниӊ өмири, хызметлери ҳәм шығармаларына тоқтап өтти. Еки уллы тулғаныӊ өзбек ҳәм қарақалпақ әдебияты тарийхындағы тутқан орны, ҳәр бир китап оқыўшысы олардыӊ шығармаларын сүйип оқыўы арқалы китапқумарлыққа қызығыўшылығы артқанлығы атап өтилди.

Илаж қатнасыўшылары уллы сөз зергерлериниӊ шығармаларынан үзиндилер атқарды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги