Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың қәбилетин жүзеге шығарыў – мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдары есапланады. Әҳмийетлиси, бул бағдарда көплеген әмелий жумыслар исленбекте.

Оған жуўап ретинде жаслар да барлық тараўларда өзлерин толық көрсетип атыр. Оны тек ғана Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң өткен жылғы жумысы мысалында да көриў мүмкин.

Бул структура жасларымызға жаратылған имканиятлар, қабыл етилип атырған нызам ҳәм қарарлар менен заманласларын жақыннан таныстырыў және олардың машқалаларын ҳәм усынысларын тийисли уйымларға жеткериў менен бирге, нызам дөретиўшилиги процесинде белсендилик көрсетип келмекте.

Атап айтқанда, өткен жылы Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлеринде сайлаў ҳәм референдум өткериў тәртибин және де жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўге байланыслы нызам жойбарын додалаўлар процесинде мыңлаған жас әўлад ўәкиллериниң усыныслары алынды. Итибарлысы, усы усыныслардан нызам дөретиўшилиги процесинде үнемли пайдаланылды.

Мәмлекетимиз басшысының басшылығында 2023-жыл 11-апрель күни жаслар сиясаты тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў илажлары бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде бир қатар тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилген еди.

Жаслар парламентиниң ағзалары олардың орынланыўы даўамында да өзлерин көрсетти. Мәселен, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм Алмазар районы ҳәкимлиги менен биргеликте «InnoWeek.Uz -2023» халықаралық инновациялық идеялар ҳәптелиги шеңберинде студентлер ҳәм жоқары класс оқыўшылары менен ушырасыў шөлкемлестирилип, онда IT, робототехника, 3D моделлестириў ҳәм интерьер дизайн және ең көп қолланылатуғын 10 шет тили бойынша презентациялар өткерилди.

Соның менен бирге, Министрлер Кабинети менен биргеликте жәмийетлик мониторинги алып барылды ҳәм оған жақын министрликлер менен еки тәреплеме ушырасыўлар шөлкемлестирилди және турақлы түрде бирге ислесиўде әмелий жойбарларды жолға қойыўға келисип алынды.

Нәтийжеде жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде жолға қойылған «Workout» майданшаларының жумысы Әндижан, Хорезм ҳәм Қашқадәрья ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласы мысалында үйренип шығылды. Әҳмийетлиси, бул процессте анықланған кемшиликлер ҳәм машқалаларды сапластырыў бойынша әмелий илажлар көрилди.

Жаслар парламентиниң жумысында социаллық қорғаўға мүтәж жасларды қоллап-қуўатлаў да жетекшилик етти. Сырт елдеги жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў системасын жетилистириў мақсетинде халықаралық майданда да бирге ислесиў байланысларын орнатыўға үлкен итибар қаратылмақта.

Соның ишинде, 2023-жылы Сенат Баслығының басшылығында Өзбекстан делегациясы қурамында болған Жаслар парламентиниң ағзалары Беларусь Миллий мәжилиси жанындағы Жаслар парламентиниң ўәкиллери менен ушырасыў өткерди ҳәм бирге ислесиў меморандумына қол қойды.

Жаслар парламентиниң ағзалары тәрепинен «Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында»ғы нызамның мәмлекетимиз аймақлары, соның ишинде, Самарқанд ўәлаятындағы орынланыў жағдайы үйренилди.

Жаслардың машқалаларын ҳәм усынысларын үйрениў мақсетинде барлық аймақларда жаслар қабыллаўы шөлкемлестирилди. Нәтийжеде жаслардағы машқалалар, усыныс ҳәм талаплар үйренилип, тийисли уйымларға мәлимлеме киргизилди.

«Жасыл мәкан» улыўмамиллий ҳәрекети шеңберинде Бухара, Сурхандәрья, Хорезм, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында «Жаслар парламенти бағы» жаратылып, улыўма есапта мыңға шамалас нәл отырғызылды.

Жаслардың мәплерин қорғаўға қаратылған нызамшылық усынысларын ислеп шығыў, қадағалаў-таллаў бағдарында белсене қатнасыў ҳәм сенаторлардың аймақлардағы жумысы даўамында бирге ислесиў бойынша усы жылы да структура ўәкиллери жедел жумыс алып барады.

Буннан тысқары, министрликлер менен бирге ислесиўди және де күшейтиў, жасларға қаратылған әмелий жойбарларды кеңейтиў арқалы олар менен және де көбирек ислесиў, халықаралық байланыслар орнатыў, орынлардағы машқалаларды шешиўде әмелий жәрдем көрсетиў ҳәм онда шетки аймақлардағы жасларды қамтып алыў мақсет етилген.

Н.Абдураимова, ӨзА