Ташкент ўәлаяты Орташыршық районында жайласқан «Кim Рen Хva chorva» фермер хожалығының басшысы Юлия Сергеева Президентке миннетдаршылық билдирип, видеомүрәжат жоллады.

Ю.Сергеева Мәмлекетимиз басшысының пахта-тоқымашылық кластерлериниң жумысын және де жетилистириў, аўыл хожалығы тармақларында келеси жылы әмелге асырылатуғын тийкарғы ўазыйпалар бойынша өткерген мәжилисте фермерлер машқаласы тыңланғанынан оғада қуўанышлы екенин билдирди.

«Бес жыл алдын шарўашылық тараўында үлкен көлемдеги реформалар әмелге асырылды.  Сол ўақытлары көплеген исбилерменлер, атап айтқанда, мен де аўыл хожалығына инвестиция киргиздик. Германия, Австрия ҳәм Чехиядан шарўа маллары алып келдик. Өз хызметкерлеримиз бенен биргеликте Россияда оқыдық ҳәм аўыл хожалығында жақсы нәтийжелерге еристик.

Тилекке қарсы, унтақ сүт өнимлери импортының көбейгени себепли ислеп шығарыўшылардың тәбийғый сүтке болған талабы төменлеп кеткен еди. Бахтымызға ҳүкимет бизди тыңлады ҳәм бул машқалаға итибар қаратты»,-дейди исбилермен.

Мәмлекетимиз басшысы мәжилисте сүт жетистириўши ҳәм қайта ислеўши кәрханаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажларын ислеп шығыў бойынша Ҳүкиметке тапсырма берген еди.

Н.Абдураимова, ӨзА