Мәмлекетимиз басшысының усы жылы март айында Қытайға мәмлекетлик сапары шеңберинде ерисилген келисимлерди нәтийжели әмелге асырыў, регионда мәмлекетлик басқарыў кадрларын таярлаў, қайта таярлаў тараўларында бирге ислесиў байланысларын раўажландырыўға итибар қаратылмақта.

Усы мақсетте Қытай Миллий басқарыў академиясы тәрепинен Пекин қаласында «Орайлық Азия – Қытай» форматындағы Мәмлекетлик басқарыў академияларының биринши ушырасыўы шөлкемлестирилди.

Мағлыўмат ушынҮ Пекинде жайласқан Қытай Миллий басқарыў академиясы 1994-жылы шөлкемлестирилген. Бул академия Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик кеңеси жанындағы билимлендириў мәкемеси болып есапланады.

Бул академия мәмлекетлик сиясат ҳәм мәмлекетлик басқарыў бағдары бойынша изертлеўлер өткериў, тараўдағы кадрларды қайта таярлаў ҳәм оннан кейинги әмелиятлар алып барыўды хощаметлеп келеди.

Халықаралық ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясының ректоры Адҳам Бекмуродов басшылығындағы профессор-оқытыўшылардан ибарат делегация қатнасты.

Орайлық Азияның Мәмлекетлик басқарыў академиялары ҳәм Қытай Миллий басқарыў академиясының ректорлары менен администрациясы арасында болып өткен сөйлесиўде Мәмлекетлик басқарыў академиясының ректоры А.Бекмуродов Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тәжирийбели ҳәм заманагөй билимге ийе кадрлар таярлаўға берип атырған айрықша итибары, сондай-ақ, мәмлекетте алып барылып атырған экономика ҳәм мәмлекетлик басқарыўды реформалаў бағдарында ерисилген нәтийжелер ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында алып барылып атырған трансформация процесслери, қысқа ҳәм узақ мүддетли биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары, Германия, Қубла Корея менен шөлкемлестирилип атырған қоспа билимлендириў бағдарламасы ҳаққында жыйналғанларды таныстырды. Буннан соң Академия жумысы ҳаққындағы сораўларға жуўап берди.

Халықаралық илаж шеңберинде «Орайлық Азия – Қытай» мәмлекетлик басқарыў академиялары тармағы иске қосылды.

Тармақ шөлкемлестириўшилери Қытай Миллий басқарыў академиясы ҳәм Орайлық Азияның бес мәмлекети, атап айтқанда, Өзбекстан, Қазақстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстанның мәмлекетлик басқарыў академиялары болып есапланады.

Қытай Миллий басқарыў академиясы тәрепинен алға қойылған басламаға бола, Академиялар арасында жыллық халықаралық илимий әнжуманлар өткериў, мәмлекетлик басқарыў кадрларын таярлаў тараўында қысқа ҳәм узақ мүддетли биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары әмелге асырылады. Турақлы академиялық қарым-қатнасты жолға қойыў, академияларға оқыў сапарларын әмелге асырыў, илимий баспалар, алдыңғы жойбарлар алмасыўын жолға қойыў режелестирилген.

Ушырасыў соңында «Орайлық Азия – Қытай» мәмлекетлик басқарыў академиялары арасында перспективалы жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўға келисип алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА