Самарқанд қаласындағы Конгресс орайында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Шөллениўге қарсы гүрес ҳаққындағы конвенциясының (UNCCD) орынланыўын көрип шығыў комитетиниң 21-сессиясы басланды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң сессия қатнасыўшыларына мүрәжатын Олий Мажлис Сенатының Баслығы Т.Норбоева оқып еситтирди.

Форум қатнасыўшыларына БМШ Бас хаткери Антонио Гуттериш де мүрәжат жоллады.




17-ноябрьге шекем даўам ететуғын илажда Конвенцияның стратегиялық мақсетлерине ерисиў жолындағы нәтийжелерин додалаў ушын 196 мәмлекет ҳәм Европа Аўқамынан, пуқаралық жәмийетлери ҳәм илимий топарлардан 500 ге шамалас ўәкил жыйналған. Бул мәжилис Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Шөллениўге қарсы гүрес ҳаққындағы конвенциясы шөлкемлестирилгенинен берли ең әҳмийетли мәжилислерден бири болып, Орайлық Азияда биринши мәрте өткерилмекте.

Ғ.Ҳасанов, А.Исроилов (сүўрет),

ӨзАның хабаршылары