Түркия Республикасы Судьялар ҳәм прокурорлар кеңеси  ағзаларынан ибарат делегация Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңесине барды.

Ушырасыўда еки мәмлекет жетекшилериниң сиясий ерк-ықрарлары нәтийжесинде Түркия ҳәм Өзбекстан арасындағы байланыслар избе-из раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Судьялар корпусын қәлиплестириў, олардың маманлығын және де арттырыў бағдарында бирге ислесиў пайдалы екени айрықша атап өтилди.

Мәмлекетимизде өткерилип атырған суд-ҳуқық реформалары, атап айтқанда, Судьялар жоқары кеңесиниң жумысы мысалында суд ҳәкимиятының ғәрезсизлигин нәтийжели тәмийинлеў, судьялар корпусын қәлиплестириў ҳәм олардың қол қатылмаслығын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар мийманлар тәрепинен тән алынды.

Әсиресе, өткен қысқа ўақытта судьялық лаўазымларына талабанларды таярлаў, таңлаў ҳәм тайынлаўдың ашық-айдын системасының жаратылғаны оларда үлкен қызығыўшылық оятты.

Ушырасыў даўамында мәмлекетимиз суд системасы тарийхында биринши енгизилген судьялыққа талабанлар ҳәм судьялардың кәсипке мүнәсип екенлигин баҳалаўға жәрдемлесиўши электрон психологиялық тест бағдарламасы ҳәм оның нәтийжелери, сондай-ақ, судьялар жумысын электрон рейтинг арқалы ашық-айдын баҳалаў системасы ҳәм оның нормалары ҳаққында кеңнен мағлыўмат берилди.

Буннан тысқары, Судьялар жоқары кеңеси жанында шөлкемлестирилген Өзбекстан Судьялар клубы ҳаққында да толық тоқтап өтип, әдил судлаўда тәмийинлеў ҳәм суд әмелиятын бирдейлестириўде жәмийетшилик тийкарында жумыс алып барыўшы усы структура тәжирийбелери де айтып өтилди.

Өз гезегинде мийманлар судьяларды таңлаў ҳәм тайынлаўдағы Түркия тәжирийбеси, әсиресе, Судьялар этикасы кодексине өзине тән өзгешеликлери менен ортақласты.

Соңында бирге ислесиўдиң перспективалары додаланды.

Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы