Өзбекстан ҳәм Корея арасында экономикалық алмасыў ҳәм инвестициялық жумыс раўажланып, бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилди.

Кореядан Өзбекстанға киргизилген инвестициялар көлеми 7 миллиард доллардан артты. Мәмлекетимизде кореялы бирге ислесиўшилер менен дерлик мың қоспа кәрхананың жумысы жолға қойылған.

Әмелге асырылып атырған жойбарлар еки мәмлекет ушын да бирдей пайдалы болмақта.

Бул Олий Мажлис Сенатында Корея – Өзбекстан бизнес ассоциациясы баслығының биринши орынбасары Ким Чанг Кеон ушырасыўда айрықша атап өтилди.

Сенат баслығы Т.Норбоева сөйлесиў даўамында Қубла Кореяға еткен әмелий сапарда ерисилген келисимлерге итибар қаратты. Атап айтқанда, өндирис тармақларына жаңа инвестициялық жойбарларды киргизиў, шығынды полигонлары негизинде қатты турмыслық шығындыларды қайта ислеў комплексин биргеликте жаратыў, транспорт-логистика тараўында қоспа кәрханалардың жумысын жолға қойыў, ҳаял-қызлар билимлендириўин қоллап-қуўатлаў сыяқлы және бир қатар мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды.

Тәреплер инвестициялық бирге ислесиўди беккемлеў, Корея Республикасының жетекши компанияларын Өзбекстанға тартыў бойынша пикир алысты.

Ким Чанг Кеон Қубла Корея исбилерменлери Өзбекстанға инвестиция киргизиўден мәпдар екенин билдирди. Бунда киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў, мәмлекетте жетистирилип атырған аўыл хожалығы өнимлерин Кореядан тысқары Япония ҳәм Қытайға экспорт етиўде үлкен имканиятлар бар екенин айтып өтти.

Сөйлесиўде тәреплер өз-ара пайдалы тараўларда бирге ислесиўди турақлы даўам еттириў ҳәм инвестициялық жойбарларды жедел пәт пенен әмелге асырыўға келисип алды.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы