Сырт ел баспасөзи Өзбекстан ҳаққында

Пакистан Ислам Республикасынық рәсмий мәлимлеме агентлиги – “Associated Press of Pakistan” бетинде “Пакистан ҳәм Өзбекстан Стратегиялық шериклик ҳаққындағы келисими мүддетинен алдын күшке киргизиў ҳаққында қарар қабыллады” атлы мақала жәрияланды.

Мақалада Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиӊ саммити илажлары шеӊберинде Бас министр Анвар ул-Ҳақ Какар басшылығындағы Пакистан Ислам Республикасы делегациясы менен сойлесиўлер алып барғаны, ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўди, еӊ алды менен, саўда-экономика, инвестиция ҳәм транспорт-коммуникация тараўларында және де беккемлеўдиӊ әҳмийетли мәселелери талқыланғанына айрықша итибар қаратқан.

Автор ҳәр түрли дәрежеде белсенди байланыс алып барылып атырғаны қнаатланыўшылық пенен атап өтилгени, өзара товар алмасыў ҳәм жүк тасыў муғдарыныӊ жыл басынан бери 40 процентке артқаны, тоқымашылық, химия, фармацевтика ҳәм басқа әҳмийетли тармақларда кооперация жойбарларыныӊ әмелге асырылар атырғанын айрықша атап өтилген.

Трансаўған темир жолын қурыў процесине айрықша итибар қаратылғаны, сондай-ақ, регионаллық күн тәртибине тийисли ҳәр түрли мәселелер бойынша да пикир алмасылғаны айтып өтилген.

 

Муҳаррама Пирматова,

ӨзА