Ташкентте болып өтип атырған Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиӊ 16-саммити шеӊберинде Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Қазақстан Республикасы Ҳүкимети арасында Орайлық Азия Санаат кооперациясы халықаралық орайыныӊ жумысын тәртипке салыў ҳаққындағы питим күшке кирди.

Ҳүжжетти Өзбекстан тәрепинен инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов, Қазақстан тәрепинен саўда ҳәм инвестиция министри Арман Шаккалиев қол қойды.

Орайдыӊ алдына мәмлекетлераралық бирге ислесиўди ҳәм халықаралық баҳа шынжырын раўажландырыў ушын шараят жаратыў, шегара аймағы ислеп шығарыў базасынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, өндирис процесин муўапықластырыў, модернизациялаў ҳәм санаат кәрханалары бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, еки мәмлекет арасында санаат кооперациясын кеӊейтиў ҳәм импорттыӊ орнын басыўшы өним ислеп шығарыўды көбейтиў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар қойылған.

ӨзА