Бизге белгили болғанындай, жақында мәмлекетимиздиӊ Қытайдағы елшиханасыныӊ басламасы менен усы мәмлекетте Өзбекстанныӊ туристлик, гастрономиялық ҳәм экологиялық туризм тараўындағы имканиятларын таныстырыў илажы өткерилди. Бул әҳмийетли ўақыя Әзербайжанныӊ “Тренд” мәлимлеме агентлигиниӊ де итибарынан шетте қалмады.

Агентик жәриялаған хабарда илаж мүнәсибети менен қытайдыӊ 100ге шамалас туристлик аўқамы, компаниялары ҳәм ғалаба хабар қуралларыныӊ ўәкиллери топланған.

Онда қатнасыўшылар республикамызда туризм хызметин көрсетиў ушын жаратылған шараятлар менен толық таныстырылғаны, усы жылдыӊ октябрь айында Самарқанд қаласында Дунья жүзлик туристлик шөлкеми (UNWTO) Бас Ассамблеясыныӊ XXV юбилей мәжилиси болып өтетуғынлығы атап өтилген.

Туристлик компаниялардыӊ ўәкиллери Қытай ҳәм Өзбекстан арасындағы әзелий тарийхый байланыс ҳәм мәдений уқсаслықты айрықша айтып өтип, ҳәзирги дәўирде байланысларды беккемлеўде туризм үлкен әҳмийетке ийе екенлигин мақуллаған.

ӨзА