Саудия Арабстаны ҳәм Өзбекстан сыртқы ислер министрликлери арасында консуллық-ҳуқықый мәселелер бойынша мәсләҳәтлесиўлерди өткериў ҳәм Өзбекстан пуқараларын виза талапларынан азат етиў перспективалары додаланды.

«Дунё» МА берген хабарға бола, усы жылдыӊ 21-майында Өзбекстан елшиси Нодиржон Тургунов Саудия Арабстаны сыртқы ислер министриниӊ консуллық мәселелери бойынша орынбасары Али ал-Юсуф пенен ушырасыў өткерген.

Ушырасыўда, сондай-ақ, Али ал-Юсуф Өзбекстанныӊ регионда алға қарай раўажланып атырғанын ҳәм бир қатар ири илажларды өткерип атырғанын атап өтти.

Атап айтқанда, усы жылы апрель айында Ташкент қаласында «Орайлық Азия – Араб қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеӊеси» стратегиялық қарым-қатнасы сыртқы ислер министрликлериниӊ екинши мәжилиси жоқары дәрежеде болып өткени атап өтилди. Сондай-ақ, усы жылдыӊ март айында Ар-Риёз қаласында еки мәмлекет сыртқы ислер министрликлери арасында сиясий мәсләҳәтлесиўлердиӊ гезектеги дөгерек сәўбети де табыслы өткени атап өтилди.

«2023-жылдыӊ 1-январынан баслап Саудия пуқараларына Өзбекстанға 30 күн мүддетте визасыз кириў тәртиби енгизилгени бизди оғада қуўантты. Бул өз гезегинде саяхатшылар ағымын арттырыўға, өз-ара саўда көлеминиӊ артыўына түртки болмақта», – дейди Саудия Арабстаны СИМ басшысыныӊ орынбасары, деп мәлимлеме берди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги