Өзбекстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардыӊ ҳуқықларын қорғаў комитети тәрепинен “Биз сизди тыӊлаймыз” жойбары шеӊберинде конференция шөлкемлестирилди.

Бул илажда дәслеп Министрлер Кабинетиниӊ “Товар ҳәм қаржы базарларында монополияға қарсы тәртипке салыўға байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарарыныӊ мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында түсиниклер берилди.

Конференцияда товар яки қаржы базарында жоқары дәрежеге ийе болған хожалық жүргизиўши субъектлер, тәбийғый монополия субъектлери, санлы платформа операторлары ҳәм басқа тийисли тараўларда жумыс алып барып атырған хожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм мәмлекетлик уйымлардыӊ хызметкерлери қатнасты.

Бәсеки комитети қәнигелери қарардыӊ нәтийжели әмелге асырылыўы ҳәм оныӊ қатаӊ қадағаланыўы бойынша толық мағлыўмат берди.

Соныӊ ишинде, товар яки қаржы базарында хожалық жүргизиўши субъекттиӊ ямаса  шахслар топарыныӊ жоқары дәрежесин яки үстин пикирлер күшин анықлаў ҳәм тән алыў және экономикалық концентрацияны әмелге асырыў ушын алдыннан келисимин алыў тәртиплери ҳаққында түсиниклер берди.

Сондай-ақ, илаж даўамында “Биз сизди тыӊлаймыз” жойбары щеӊберинде түрли бағдардағы исбилерменлик субъектлери ўәкиллери менен ашық сөйлесиўлер өткерилди.

Онда физикалық ҳәм юридикалық тәреплер ушын көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди. Көшпели қабыллаўда пуқаралар ҳәм исбилерменлердиӊ мүрәжаты тыӊланып,  олардыӊ машқалаларын шешиў бойынша әмелий илажлар көрилиўи тәмийинленди.

ӨзА