Усы жылдың 16-22-май күнлери Жиззақ ўәлаятында спорттың баскетбол түринен 13 ҳәм 15 жасар қызлар арасында Өзбекстан чемпионатының 3-тур ойынлары болып өтти.

Онда бизиң республикамыздың командасы да табыслы қатнасып қайтты.

Атап айтқанда,  пайтахтымызда жайласқан республикалық спорттың ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген спорт мектебиниң тәрбияланыўшылары 15 жасар қызлар командалары арасында 1-орынды ийелеген болса, 13 жасар қызлар командасы сыйлы 2-орынға мүнәсип деп табылды.

Жас спортшыларымызды жарысқа мектеп тренерлеринен К.Турсынбаева ҳәм Г.Наўрызбаевалар таярлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги