Арқа-батыс әскерий округи басшылығыныӊ басламасы менен республикамыздағы барлық пуқаралар жыйыны жаслар жетекшилери ушын еки күнлик оқыў-методикалық жыйын өткерилди.

Өзбекстан Республикасыныӊ Президенти, Қураллы Күшлер Бас сәркардасы тәрепинен усы жылдыӊ 12-январь күни өткерилген Қәўипсизлик кеӊесиниӊ кеӊейтилген мәжилисинде жасларды әскерий-Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди.

Усы ўазыйпалардан келип шығып ҳәм 2024-жылдың мәмлекетимизде “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы” деп жәрияланыўы мүнәсибети менен Арқа-батыс әскерий округи басшылығы, Қарақалпақстан Республикасы әскерий-ҳәкимшилик секторы, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Жаслар аўқамы менен биргеликте  “Нөкис” полигонында жаслар жетекшилери менен шөлкемлестирилген еки күнлик оқыў-методикалық жыйынға пуқаралар жыйынларындағы жаслар жетекшилери қатнастырылып, жаслар менен ислесиўдиӊ жаӊаша системасы бойынша билим және көнликпелерин арттырып, өзлерине бириктирилген аймақларда жумыс алып барыў тәжирийбеси беккемленди. Бул система усы жылдыӊ февраль айында жаслар менен ислесиўдиӊ жаӊаша усылы сыпатында Хорезм ўәлаятындағы “Янгиариқ” полигоны негизинде шөлкемлестирилген болып, ол “Хорезм тәжирийбеси” сыпатында мәмлекетимиздиӊ басқа аймақларында да ғалаба ен жайдырылып бармақта.

Жыйында Арқа-батыс әскерий округиниң сәркардасы, генерал-майор Ф.Шерматов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов, күш структуралары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Сөзге шыққанлар бүгинги глобалласыў процесинде халқымыз, соның ишинде, жас әўладтың қәлби ҳәм санасы ушын гүрес күшейип баратырған бир пайытта, бир жағадан бас шығарып, жаслар тәрбиясы менен пухта шуғылланыўымыз, бунда әскерий-Ўатанды сүйиўшилик руўхындағы тәрбияның орны ҳәм әҳмийети артып баратырғанын айрықша атап өтти. Бул жыйында алған билим ҳәм тәжирийбе келешекте жаслар менен ислесиўди шөлкемлестириўде, оларды туўылған жерге садықлық руўхында тәрбиялаўда айрықша әҳмийетке ийе екенлигине исеним билдирилди.

Жыйын барысында түрли темаларда баянатлар тыңланып, жаслар менен ислесиў, олардың машқалаларын аймақтың өзинде сапластырыўдың жаңа системасы туўралы кең түрде мағлыўмат берилди. Жаңа Өзбекстанның жасларын руўхый-ағартыўшылық, ҳуқықый, социаллық ҳәм экономикалық қорғаў ҳәм олардың әскерий-Ўатанды сүйиўшилик тәрбиясына жуўапкер шөлкемлер менен бирге ислесиўди беккемлеў бойынша усыныслар берилди.

Теориялық сабақлар барысында әскерий ҳәм социаллық темалардан баслап, бүгин елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар, “Ўатан таянышы” балалар ҳәм жас өспиримлердиң  әскерий-Ўатанды сүйиўшилик ҳәрекетиниң өсип киятырған жас әўладтың тәрбиясындағы орны, пуқаралар жыйынларындағы жасларды бирлестириў, олардың машқалаларын үйрениў ҳәм унамлы шешиў, түрли психологиялық тренинг-шынығыўларын өткериў, оларда лидерлик қәсийетлерин қәлиплестириў, руўхый түскинликти жеңип шығыў бойынша шеберлик сабақлары өткерилди.




Әскерий кәсипке қызығыўшылығы жоқары жаслар менен пуқаралар жыйынларындағы Қураллы Күшлердиң ветеранлары, әскерий бөлимлер менен биргеликте “Мен әскерий хызметкер боламан!” темасында дөгерек сәўбетлери ҳәм руўхый-ағартыўшылық илажларды өткериў бойынша усыныслар берилди. Сондай-ақ, мүддетли әскерий хызметин өтеп болған жасларды жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм оқыўға бағдарлаў, олардың жоқарыда атап өтилген илажларға белсене қатнасыўын тәмийинлеў сыяқлы ислерди системалы енгизиў көрип шығылды.

Оқыў-методикалық жыйынның әмелий бөлиминде қатнасыўшылар ушын оқ атыў таярлығы, әскерий-медициналық таярлық, ғалабалық қырғын қуралларынан сақланыў бойынша шынығыўлар өткерилди. Сондай-ақ, Қураллы Күшлердеги күш структуралары пайдаланатуғын техника ҳәм қурал-жарақлар көрсетилип, оқыў объектлери таныстырылды. Полигон аймағында жаўынгерлик таярлық пенен шуғылланыў ушын қурылған оқыў орынлары, жаўынгерлик қалашалар жаслар жетекшилеринде айрықша тәсир қалдырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги