Ташкент қаласында Өзбекстан басшылығында Шанхай Бирге ислесиў Шөлкеми (ШБШ) не ағза мәмлекетлердиӊ Жоқары судлары басшыларыныӊ он тоғызыншы мәжилиси өткерилмекте.

Онда Ҳиндстан, Иран, Қазақстан, Қытай, Қырғызстан, Пакистан, Россия, Тәжикстан мәмлекетлериниӊ Жоқары судлары делегациялары қатнаспақта.

Өзбекстан Республикасы Жоқары суды баслығы Бахтиёр Исломов усы мәмлекетлердиӊ делегациялары менен ушырасыўлар өткерди.

Атап айтқанда, Ҳиндстан Республикасы Жоқары суды баслығы Дхананджая Йешвант Чандрачуд пенен ушырасыўда суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Тәреплер өз-ара пайдалы мәселелерди додалап, ШБШ шеӊберинде еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары бойынша пикир алысты. Атап айтқанда, суд-ҳуқық тараўында тәжирийбе ҳәм мағлыўмат алмасыў, суд системасында мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў мәселелери додаланды. Тәреплер еки мәмлекет Жоқары судлары арасында бирге ислесиў байланысарын және де жетилистириў бойынша келисип алды.

***

Тәжикстан Республикасы Жоқары суды баслығы Шермуҳаммад Шоҳиён менен ушырасыўда мийман әдил судлаўдыӊ нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, судьялар жәмийетшилигиниӊ ролин арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар менен таныстырылды.

Конструктивлик қарым-қатнас даўамында тәреплер еки мәмлекет жоқары суды уйымлары арасындағы өз-ара ҳуқықый бирге ислесиў мәселелерин, байланысларды және де раўажландырыўдыӊ перпективалы бағдарларын додалады. Суд системасын жетилистириў тараўында тәжирийбе алмасыў арқалы жедел бирге ислесиўге таяр екени билдирилди.

***

Қытай Халық Республикасы Жоқары халық суды баслығы Чжан Цзюн менен ушырасыўда еки мәмлекет Жоқары судларыныӊ арасында көп тәреплемели қатнасықларды беккемлеўге қаратылған сөйлесиў даўамында тәреплер суд-ҳуқық тараўында нәтийжели уйымлараралық бирге ислесиў ушын бар потенциал ҳәм имканиятлар жаратылғанына айрықша итибар берди. Өз-ара бирге ислесиў байланысларын және де раўажландырыў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Атап айтқанда, судлардыӊ қәнигелесиўи, суд системасында заманагөй мәлимлеме технологиялары ҳәм инновациялық усылларды енгизиў ҳәм усы сыяқлы басқа әҳмийетли мәселелер додаланды. Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойды.

***

Қазақстан Республикасы Жоқары суды баслығы Асламбек Мергалиев пенен ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы өз-ара пайдалы ҳәм кеӊ көлемли бирге ислесиўдиӊ барлық бағдарында, атап айтқанда, суд-ҳуқық тараўында да раўажланып атырғаны атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Жоқары суды ҳәм Қазақстан Республикасы Жоқары суды арасында 2017-жылы Бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылған болып, оныӊ шеӊберинде суд системасын инсан ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўдыӊ әҳмийетли институты сыпатында жетилистириўди илимий-аналитикалық ҳәм мәлимлеме жағынан тәмийинлеў арқалы суд реформаларын әмелге асырыўға жәрдемлесиўге байланыслы илажлар нәзерде тутылған. Ҳәзирги ўақытта бул ҳүжжет еки мәмлекет суд ҳәкимияты жоқары уйымлары арасында бирге ислесиў ҳәм өз-ара келисиўдиӊ ҳуқықый тийкарларын беккемлеў, нызам үстинлигин тәмийинлеў бойынша ис-ҳәрекетлердиӊ нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етип келмекте.

***

Россия Федерациясы Жоқары суды баслығы Ирина Подносова менен ушырасыўда бирге ислесиўдиӊ барлық бағдарында, атап айтқанда, суд-ҳуқық тараўында да раўажланып атырғаны атап өтилди.

2018-жылы қол қойылған Бирге ислесиў ҳаққындағы меморандум шеӊберинде суд системасын инсан ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўдыӊ әҳмийетли институты сыпатында жетилистириўге қаратылған жумыслар әмелге асырылды. Бул ҳүжжет еки мәмлекеттиӊ суд ҳәкимияты жоқары уйымлары арасында бирге ислесиў ҳәм өз-ара келисиўдиӊ ҳуқықый тийкарларын беккемлеў, нызам үстинлигин тәмийинлеў бойынша ис-ҳәрекетлердиӊ нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етип келмекте.

***

Қырғыз Республикасы Жоқары суды баслығы Замирбек Базарбеков пенен ушырасыўда тәреплер суд системасын жетилистириў, суд ҳәкимиятыныӊ роли менен абырай-мәртебесин беккемлеў ҳәм судлардыӊ еркинлигин тәмийинлеў, судьяларды таярлаў ҳәм судлардыӊ жумысына мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў сыяқлы мәселелер бойынша пикир алысты.

Сөйлесиў барысында еки мәмлекет Жоқары судлары арасында турақлы түрде ҳуқықый мәлимлеме алмасыўды әмелге асырыў ҳәм өз-ара мәплерди сәўлелендиретуғын басқа мәселелер бойынша мәсләҳәтлесиў өткериўге келисип алынды. Еки мәмлекет Жоқары судларыныӊ өз-ара мәплерин сәўлелендиретуғын тарўлардағы бирге ислесиў ҳәм байланыслардыӊ ҳуқықый тийкарларын белгилеп беретуғын бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылды.

***  

Иран Ислам Республикасы Суд ҳәкимияты баслығыныӊ орынбасары Козим Ғарибободий басшылығындағы делегация менен ушырасыўда Президент Иброҳим Раисий ҳәм оныӊ жанында болған шахслардыӊ қайтыс болғаны мүнәсибети менен тереӊ кеўил билдирилди.

Конструктивлик сөйлесиў даўамында тәреплер еки мәмлекет суд уйымлары арасында әмелий бирге ислесиўди кеӊейтиў, сондай-ақ, байланысларды және де раўажландырыўдыӊ перспективалы бағдарларын додалады.

***

Пакистан Ислам Республикасы Жоқары суды баслығы Кази Фаез Иса менен ушырасыўда еки мәмлекет Жоқары судларыныӊ өз-ара исеним ҳәм шерикликке тийкарланған әмелий бирге ислесиўин және де кеӊейтиў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Конструктивлик ҳәм дослық руўхында өткен ушырасыўда тәреплерди қызықтырған басқа мәселелер бойынша да өз-ара  пикир алысылды.

Н.Абдураимова, ӨзА