Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында “Театр дөретиўшилери жаслар арасында” атамасында ушырасыў болып өтти.

Илажда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының артистлери,  Қарақалпақстан халық артисти Сапаргул Дәўлетова ҳәм Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Көпжүрсин Алланазаровлар шығып сөйлеп, өзлериниң көркем өнерге кирип келиўи, устазлары ҳәм театр турмысына тоқтап өтти. Соңғы жыллары Президентимиздиң айрықша итибары нәтийжесинде тараўда әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар атап өтилди.

-Өмиримди көркем өнерге бағышладым ҳәм буннан ҳеш қашан өкинбеймен,-деди Қарақалпақстан халық артисти Сапаргул Дәўлетова.-Кәсибимниң арқасында халыққа танылдым, лослар арттырдым. Театрда атқарған роллерим арқалы тамашагөйлердиң алғысына миясар болдым. Инсанға буннан артық бахыт бар ма?

Ушырасыў даўамында белгили артистлер еске түсириўлери менен ортақласты. Жасларды қызықтырған көплеген сораўлар жуўап берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги