Ҳәзирги күнлери пүткил елимиз бойлап жоқары оқыў орынларында билим алып атырған студентлерди китапқумарлыққа қызықтырыў ҳәм усы арқалы олардың көркем әдебий саўатлылық дәрежесин арттырыў, жасларды Ўатансүйиўшилик ҳәм елимиз келешегине жуўапкершиликли етип тәрбиялаўға қаратылған «Мәрипат таратып» жойбары әмелге асырылмақта.

Усы жойбар шеңберинде Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалында Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, белгили шайыр, жазыўшы ҳәм аўдармашы Азиз Саид пенен ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди.

Кешени филиалдың Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң баслығы Бегзад Сабиров ашты ҳәм басқарып барды.

Онда белгили шайыр, жазыўшы ҳәм аўдармашы Азиз Саид шығып сөйлеп, жаслар қәлбинде ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық туйғыларын оятыўда көркем әдебияттың тутқан орны айрықша екенлигин, соның ушын елимизде китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў бойынша көплеген илажлар исленип атырғанын атап өтти.

Өз-ара ашық ҳәм қызғын түрде өткен ушырасыў кешесинде Азиз Саид өзиниң қосықларынан оқып берип, студент-жаслардың қызықтырған сораўларына жуўап берди.

Өз гезегинде студентлер де өзлериниң дөреткен шығармаларынан үзиндилер оқып, кеше мийманын өзлериниң таланты менен тәсийин қалдырды.



Кешеде шайыр, жазыўшы ҳәм аўдармашы Азиз Саид  филиал китапханасында болып, оларға өзиниң жаңа дөретпесин саўға етти ҳәм «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде филиал имараты алдына мийўе нәлин тикти.

Ушырасыўда филиал директорының орынбасары Ислам Мамбетназаров шығып сөйлеп, кеше мийманының дөретиўшилик жумысларына жоқары баҳа берди ҳәм оған филиал жәмәәти атынан естелик саўғасын тапсырды.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, Азиз Саидов 1961-жыл 25-сентябринде Душанбе қаласында туўылып, 1984-жылы Ташкент Мәмлекетлик университетиниң журналистика факультетин, 1992-жылы филология факультети аспирантурасын тамамлаған.

Университетти тамамлағаннан соң  ол Ғафур Ғулам баспасында редактор, «Ёш куч» журналында бас редактор орынбасары, «Синфдош» журналының бас редакторы, «Жаҳон адабиёти» журналының жуўаплы хаткери, «ХХI аср технологоялари» журналы бас редакторының орынбасары, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамs баслығының мәмлекетлик тил бойынша мәсләҳәтшиси лаўазымларында жумыс иследи. Ҳәзирги ўақытта «Шарқ юлдузи» журналы бас редакторының орынбасары сыпатында жумыс ислеп атыр.

Азиз Саидтың усы күнге шекем  «Чилтор», «Дили қани Бедилнинг» «Фурсат дарвозаси», «Вақт манзили» поэзиялық топламлары, «Ғойибдан дўст билан суҳбатлар» әдебий-сын мақалалар топламлары жәрияланған. Оның қосықлары француз, түрк, әзербайжан, рус, болгар, инглис, тәжик, қазақ, венгер ҳәм ҳинд тиллерине аўдармаланып, ҳәр қыйлы көркем-әдебий журнал ҳәм алманахларда басып шығарылған.

Аўдармашы сыпатында  Уолт Уитмен,Назым Ҳикмет, Муин Бсису, Евгений Евтушенко, Ёзеф Рубак, Донат Шайнер,  Жош Малиҳободий, Аҳмад Фараз, Вазир Аға, Анис Наги, Шаҳзод Аҳмад, Рене Авилес Фабила, Мигел де Астируас, Томас Оуэн, Френсис Кинг, Бертолд Брехт, Пауло Коэло, Николай Шмелев, Александр Волков, Яна Вагнер,  Сергей Могилсев, Витол Гомбрович , Марта Ким шығармаларын өзбек тилине аўдарған.

2021-жылы болса, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы бойынша «Дўстлик» ордени менен сыйлықланған.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги