Климат өзгериўи, өсимлик ҳәм ҳайўанатлар дүньясыныӊ жоқ болып барыўы, жерлердиӊ кризиске ушыраўы ҳәм суў ресурсларыныӊ азайыўы сыяқлы глобал экологиялық мәселелер көплеген мәмлекетлер ушын қәўипли машқалаларды келтирип шығармақта. Бул машқалалар Евроазия аймағыныӊ 60 процентин ийелеген ҳәм 3,2 миллиарддан артық халық жасайтуғын Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер аймағына да тән.

Астана қаласында Шанхай Бирге ислесиў Шөлкемине ағза мәмлекетлердиӊ министрлик ҳәм уйымлары басшыларыныӊ қоршаған орталық мәселелери бойынша болып өткен бесинши мәжилисинде Өзбекстан Республикасы экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов та қатнасты.

Ушырасыўда далагациялар басшылары ШБШға ағза мәмлекетлердиӊ қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы бирге ислесиўиниӊ ҳәзирги жағдайы ҳәм раўажланыў перспективалары бойынша пикир алысты ҳәм 2025-2027-жылларға мөлшерленген қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы бирге ислесиў концепциясын әмелге асырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Сондай-ақ, ШБШ ныӊ 2024-жылды Экология жылы деп жәриялаў бойынша Ҳәрекетлер бағдарламасын әмелге асырыўға байланыслы мәселе де додаланды. Тәреплер ШБШ Секретариятына усы жылы 3-4-июль күнлери Астана қаласында болып өтетуғын ШБШға ағза мәмлекетлер басшылары кеӊесиниӊ шығындыларды нәтийжели басқарыў ҳаққындағы билдириўи, сондай-ақ, ШБШға ағза мәмлекетлер ҳүкиметлери арасында қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойыўды усыныс етти.

Илаж шеӊберинде делегациялар басшыларыныӊ арасында 2024-2026-жылларға мөлшерленген ШБШныӊ “Жасыл белбеў” бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер режеси ҳәм ШБШға ағза мәмлекетлердиӊ экологиялық машқалаларды шешиў бойынша биргеликтеги көзқараслары ҳәм 2025-2027-жыллары ШБШ ға ағза мәмлекетлердиӊ қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы бирге ислесиў концепциясын әмелге асырыў режеси тастыйықланды.

Муҳайё Тошқораева,  

ӨзА