Ташкентте Шанхай Бирге ислесиў Шөлкеми (ШБШ) не ағза мәмлекетлер Жоқары судлары басшыларыныӊ он тоғызыншы мәжилиси өз жумысын баслады.

Өзбекстан Республикасы басшылығында  өткерилип атырған абырайлы әнжуманда Ҳиндстан, Иран, Қазақстан, Қытай, Қырғызстан, Пакистан, Россия, Тәжикстан мәмлекетлери Жоқары судларыныӊ делегациялары қатнаспақта.

Мәжилисте, сондай-ақ, ШБШ жанындағы бақлаўшы мәмлекет – Беларусь Республикасы Жоқары суды, ШБШ Секретарияты ҳәм ШБШ Регионаллық контртеррор структурасы атқарыў комитетиниӊ ўәкиллери қатнаспақта.

Илаждыӊ ашылыў мәресиминде Өзбекстан Жоқары суды баслығы Бахтиёр Исломов мәмлекетимиз суд системасы ҳәкимияттыӊ еркин тармағы сыпатында жәмийетте өз орнын беккемлегенин атап өтти. Бул Өзбекстанда суд-ҳуқық реформаларына айрықша итибар қаратылып атырғаны, тараўды инсан ҳуқықлары қорғаўшысына айлындырыў жолындағы ис-ҳәрекетлердиӊ нәтийжеси болып табылады.


Илаж даўамында ШБШға ағза мәмлекетлердиӊ Жоқары судларыныӊ нызам үстинлиги, пуқаралардыӊ ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў бағдарында бирге ислесиўин және де жеделлестириўге қаратылған бир қатар әҳмийетли мәселелер көрип шығылады.

 Норгул Абдураимова,  ӨзА