Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсухтың елимизге мәмлекетлик сапары шеңберинде Өзбекстан – Монголия бизнес-форумы болып өтти.

Илажда еки мәмлекеттиң министрликлери, уйымлары, тармақ бирлеспелериниң басшылары ҳәм 150 ден аслам ири компаниялардың ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов еки ел арасында терең тарийхый дослық байланыслардың бар екенин, мәмлекетлердиң басшылары тәрепинен көп тәреплеме қатнасықты кеңейтиўге айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти.

– Мәмлекетимизде инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталықты түп-тийкарынан жақсылаў бойынша артқа қайтпайтуғын системалы реформалар әмелге асырылмақта, – деди министр. – Тараўдағы барлық тосқынлықларды басқышпа-басқыш сапластырыў, экономиканы либералластырыў, қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыў, исбилерменлер ушын имканиятларды ҳәр тәреплеме кеңейтиўге әҳмийет берилип атыр.

Форум даўамында өз-ара пайдалы шерикликти буннан былай да раўажландырыў мақсетинде таў-кән санааты, аўыл хожалығы, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, медицина, фармацевтика, азық-аўқат, банк секторын раўажландырыў сыяқлы бир қатар перспективалы бағдарлар белгилеп алынды.

2023-жылы Монголияның жалпы ишки өними 18,5 миллиард долларды қурады, мәмлекет экономикасы 7 процентке шамалас өсиў дәрежесин көрсетти. Сыртқы саўда айланысы 24,4 миллиард долларға жеткен. Монголия алтын, гүмис, темир, көмир, мыс, молибден, вольфрам, қалайы, никель, цинк сыяқлы тәбийғый ресурсларға бай.


Сөйлесиў ўақтында шарўашылық ҳәм аўыл хожалығы кластерлерин шөлкемлестириў, экспортқа таяр өним шығарыў перспективалы екени атап өтилди. Биргеликтеги жойбарларды табыслы әмелге асырыў ҳәм Монголия компаниялары Өзбекстанда қолайлы жумыс алып барыўын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға зәрүр шараятлар жаратыўға таярлық билдирилди.

Өз гезегинде Монголия Миллий Саўда-санаат палатасы президенти Дашцерен Энхтувшин еки мәмлекет арасында саўда-сатық, инвестициялық ҳәм санаат кооперациясын раўажландырыў имканиятын жоқары баҳалап, исбилерменлерди өз-ара бирге ислесиўди жедел арттырыў ҳәм бул бағдарда ең қыйын басламалар бойынша да анық ҳәрекет етиўге шақырды.

Бизнес-форум бағдарламасына муўапық, денсаўлықты сақлаў, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, автомобиль қурылысы, аўыл хожалығы сыяқлы тараўларда бир қатар еки тәреплеме келисимлерге қол қойылды.

В2В ҳәм G2B форматларында өткерилген сөйлесиўлерде еки мәмлекет исбилермен топарларының ўәкиллери жаңа байланыс орнатыў, жаңа биргеликтеги басламалардың әмелий жақларын ҳәм гөзленген режелерин додалаў имканиятына ийе болды.

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

Ёқубжон МЕЛИБОЕВ (видео), ӨзА