Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында мәмлекетлик сапар менен мәмлекетимизде болып турған Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух менен ушырасыў болып өтти.

Сапар шеңберинде еки мәмлекет жетекшилериниң жоқары дәрежедеги сөйлесиўлери ашықтан-ашық ҳәм исшең орталықта болып өткени, сөйлесиўдиң жемисли нәтийжелери ҳаққында сөз болды. Бул тарийхый сапар мәмлекетлеримиз дослығын беккемлеў ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўда айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Сөйлесиў даўамында Өзбекстан ҳәм Монголия бирге ислесиўиниң кең шеңбери, соның ишинде, сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм парламентлераралық байланысларды раўажландырыў мәселелери додаланды. Тәреплер регионаллық ҳәм халықаралық структуралар, соның ишинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқалар шеңберинде тығыз сөйлесиўлерди, өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттирмекте.

Кейинги жылларда еки мәмлекет арасында товар алмасыў көлеми избе-из өсип бармақта. Жетекши компания ҳәм кәрханалар арасында бирге ислесиў байланыслары жолға қойылып атырғаны атап өтилди.
















Еки мәмлекеттиң туризм тараўында үлкен потенциалға ийе екенин есапқа алып, биргеликте туристлик маршрутларды ислеп шығыў, түрли илажлар шөлкемлестирилиўи туристлик бағдардың ғалаба ен жайыўына хызмет ететуғыны атап өтилди.

Парламентлераралық байланысларды беккемлеўге де айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, Өзбекстан – Монголия парламентлери дослық топарлары арасындағы қатнасықларды жеделлестириў ҳәм парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша анық илажлар режесин ислеп шығыў усыныс етилди.

Қатнасықлардың ҳуқықый тийкарларын беккемлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Монголия Уллы Мәмлекетлик Хурали арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумды ислеп шығыў ҳәм қол қойыў мәселеси қоллап-қуўатланды.

Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух Олий Мажлис Сенатының Ҳүрметли мийманлар китабында қолтаңбасын қалдырды.

Икром АВВАЛБОЕВ, Носиржон ҲАЙДАРОВ (сүўрет), ӨзА