Бас прокуратура жанындағы департаменттиӊ Кегейли районлық бөлими ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда валюта алмастырыў менен шуғылланып келген пуқаралар усланды.

Атап айтқанда,  У.Ж. ҳәм Ж.С. пуқара К.Б.дан жәми 4 мың АҚШ долларын 49 миллион сумға сатып алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен иркилди.

Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги