25-май – 2-июнь күнлери Таиланд пайтахти Бангкок қаласында бокс бойынша Париж Олимпиадасы ушын лицензия бериўши турнир болып өтеди.
Өзбекстан сайланды команадасынан бул жарысқа еле Олимпиада жолламасын қолға киргизе алмаған боксши қызларымыз қатнасады. Атап айтқанда, усы қызлар арасында -60 кг салмақта рингке шығатуғын қарақалпақстанлы боксши Рашида Тагирова өзиниң дәслепки беллесиўин екинши басқыштан баслайды ҳәм Агнес Алексиуссон (Швеция) – Кабуауа Тоаурири (Кирибати) жуплығының жеңимпазы менен гүреске түседи.
Ал, -66 кг салмақта қатнасыўшы Навбаҳор Ҳамидова болса, болгариялы Жоана Нвамеруе, -75 кг салмақтағы боксшимиз Азиза Зокирова латвиялы Китижа Зарберга менен беллесиўлер өткереди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги