Иран пайтахты Тегеран қаласында президент Иброҳим Раисий менен хошласыў мәресиминде Өзбекстан делегациясы да қатнасты.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикери Нуриддин Исмоилов басшылығындағы Өзбекстан делегациясы Иранныӊ марҳум президенти Иброҳим Раисий, сыртқы ислер министри Ҳусайн Амир Абдуллаҳиён ҳәм басқа жоқары мәртебели адамлардыӊ хошласыў мәресиминде қатнасты.

Еслетип өтемиз, бортында жоқары мәртебели шахслар болған вертолёт екшемби күни Иранныӊ арқа-батысындағы таўлы аймақта, Әзербайжан ҳәм Түркия шегарасына жақын жерге қулаған еди, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги