Ташкентте 8-июнь күни Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер денсаўлықты сақлаў министрлериниң бесинши мәжилиси болып өтти.
Өзбекстан Республикасының басшылығында өткен ушырасыўға ШБШға ағза мәмлекетлердиң денсаўлықты сақлаў министрлери, сондай-ақ, тараўда жумыс алып барып атырған халықаралық экспертлер, ҳәр қыйлы министрликлер, уйымлардың басшылары, ҳүрметли мийманлар қатнасты.
«ШБШ еллери дәстүрий (халық) медицинасының заманагөй денсаўлықты сақлаў системаларына интеграциясы» халықаралық форумы шеңберинде шөлкемлестирилген әнжуманда дәслеп мәмлекетимиздиң денсаўлықты сақлаў министри Беҳзод Мусаев ҳәм ШБШ бас хаткери Чжан Мин шығып сөйлеп, структура алдына системада бирге ислесиўди сапасы жағынан жаңа басқышқа көтериў ўазыйпасы турғанын, бул ушын барлық имканият бар екенин атап өтти.
– 2022-жылы ШБШ шеңберинде көплеген кеселликлердиң алдын алыў ҳәм кеселликлерге қарсы гүресиў тараўында бирге ислесиўди даўам еттириўге қаратылған айырым ҳүжжетлер қабыл етиледи, – деди илажда онлайн тәризде қатнасқан шөлкемниң бас хаткери Чжан Мин. – Әмелий ҳәрекет арқалы структурамыз өз сиясий потенциалын эпидемияға қарсы глобал гүресиўде де көрсетти. Вирусқа қарсы улыўма бағдарды белгилеўде халықаралық жәмийетшиликке жәрдем берди.
Илажда «COVID-19 пандемиясы дәўиринде сапалы медициналық хызметтен пайдаланыў имканиятын кеңейтиў бойынша өз-ара ҳәрекетти бирлестириў» мәселеси ҳәр тәреплеме додаланды. Ағза мәмлекетлер эпидемиядан кейин жүзеге келген машқалаларды шешиў ушын биргеликте жумыс алып барып атырғаны, халықтың денсаўлығын қорғаў ушын барлық илажлар көрилип атырғаны айтып өтилди.
Тәреплер ШБШ режеси ҳәм басқа да ҳүжжетлерден келип шығып, ҳүкиметлер арасында денсаўлықты сақлаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнамада белгиленген келисимлерди әмелге асырыўға ҳәм ҳәр тәреплеме раўажландырыўға келисип алды.
Бағдарламаға муўапық, ағза мәмлекетлердиң денсаўлықты сақлаў системасын реформалаў, халық медицинасының заманагөй медицинаға интеграцияласыўы, жуқпалы болмаған кеселликлердиң қәўпин азайтыў бойынша делегациялар басшыларының есабатлары тыңланды. Соның ишинде, бирге ислесиў байланысларының жоқары пәти сақлап қалынғаны атап өтилди.
Репродуктивлик саламатлық, коронавирустан кейинги реабилитация, жетекши медицина орайларының бирге ислесиўин беккемлеў, емлеў сертификатларын өз-ара тән алыў, инфекция профилактикасы ҳәм диагностикасы және алдыңғы емлеў усылларын енгизиў бағдарларында тәжирийбе алмасыўдың перспективасы белгиленди.
– Коронавирус ҳәўиж алғаннан берли Қытай инсаният ҳәм турмыс принципине, илимий тийкарланған қадағалаў ҳәм стратегияға әмел етпекте, – деди ҚХР Миллий денсаўлықты сақлаў комиссиясының баслығы Ма Сяовей. – Быйыл февраль айының ақырынан омикрон штаммының мутациясы ақыбетинде Қытайда коронавирус пенен байланыслы жағдай және тәшўишли түс алып, кеселлик қайта ҳәўиж алыў қәўипи пайда болды. Биз вирус тарқалыўын илажы барынша услап турыў ушын анық, системалы илажлар көрдик. Ҳәзир Шанхай ҳәм Пекиндеги жағдай бақланбақта. Ҳәр еки қала әсте-ақырын нормада ислеў ҳәм жасаў тәризине қайтпақта. Мәмлекет вирустың алдын алыў, кеселликти қадағалаў ҳәм емлеў бойынша тәжирийбесин 180 нен зыят мәмлекет, 10 халықаралық ҳәм регионаллық шөлкем менен бөлисти, 2,2 миллиард дозадан көп вакцина берди.
Министрлер денсаўлықты сақлаў бойынша бирге ислесиўшилердиң алдында турған бир қатар ўазыйпаларға тоқтап өтти. Системадағы реформаларды жеделлестириўге қаратылған әҳмийетли усыныс, басламалар алға қойылды. Телемедицина технологиясын қолланыў, халық медицинасы, фармацевтика ҳәм санитария-эпидемиологиялық хызмет қәнигелериниң маманлығын арттырыў бағдарында ҳәрекетти бирлестириўге келисип алынды.
– Саламатлық раўажланыўдың тийкарғы қурам бөлеги, – деди елимиздиң денсаўлықты сақлаў министри Беҳруз Мусаев. – Тараўда тығыз бирге ислесиўди беккемлеў даўам етеди. Бул сапалы медициналық жәрдемнен пайдаланыў имканиятын арттырады.
Тәреплер телемедицина тараўындағы бирге ислесиў концепциясы ҳәм жетекши медицина орайлары менен жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў ҳәм наўқасларды емлеў, коронавирустан кейинги тиклениў процесинде бирге ислесиў бойынша «Жол картасы»ның жойбарын көрип шықты ҳәм мақуллады.
Әнжуман соңында жуўмақлаўшы билдириў қабыл етилди. Қатнасыўшылар Ташкент ШБШға ағза мәмлекетлер денсаўлықты сақлаў тараўы қәнигелериниң еки ҳәм көп тәреплеме сөйлесиўи ушын әжайып майдан ўазыйпасын атқарғанын атап өтти.
Беҳруз Худойбердиев,
ӨзАның хабаршысы