Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Түркий халықлар Академиясының басламасы менен Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы мүнәсибети менен оның таңламалы шығармаларының түрк ҳәм әзербайжан тиллерине аўдарылған китапларының презентациясы болып өтти.

Онда Түрк Академиясының президенти Шаин Мустафаев, Түркия Хаджи Байрам Вали университетиниң профессоры Ҳусейн Йылдырым, Мухаммед Физулий атындағы қол-жазбалар институты илимий бөлиминиң бас қәнигеси, ф.и.д. Нәзәкәт Мәммәдли ҳәм Қазақстан, Қырғызстан, Әзербайжан, Түркия мәмлекетлеринен келген илимпазлар қатнасты.

Илажды Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, академик Ахмед Реймов ашып берип, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 16-июльдеги “Атақлы қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылғанлығының 200 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында”ғы арнаўлы қарары тийкарында елимиз бойлап бойлап кең көлемли илажлар болып атырғанлығы айрықша атап өтти.

Атап өтилгениндей, Әжинияз Қосыбай улының бийтәкирар ҳәм мазмунлы дөретиўшилиги халқымыздың мәденияты ҳәм әдебиятын раўажландырыў, әсиресе, жас әўладты ўатансүйиўшилик ҳәм ийгиликли идеялар руўхында тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе.

Буннан соң, түрк ҳәм әзербайжан тиллерине аўдарылған китаплардың ленталарын қыйып, усы китапты аўдарыўға үлес қосқан бәрше инсанларға өз миннетдаршылығын билдирди.

Илажда Түрк Академиясының президенти Ш.Мустафаев, профессор Хусейин Йылдырым, Әзербайжан жазыўшылар аўқамының ағзасы, профессор Низами Мәммәдов, Әзербайжан миллий илимлер академиясы Фольклор институтының илимий хызметкери Шәбнәм Мәммәдли, Мухаммед Физулий атындағы қолжазбалар институты илимий бөлиминиң бас қәнигеси, ф.и.д. Нәзәкәт Мәммәдли ҳәм басқалар шығып сөйлеп, өз шығармаларында түркий халықлардың бирлигин жырлаған көрнекли шайыр Әжинияздың 200 жыллығы қарсаңында оның дөретиўшилигин жаңлатыўға үлес қосқанлығынан қуўанышлы екенлигин билдирди. Шайыр Әжинияз Қосыбай улының өмир жолы, дөретиўшилиги ҳәм түрк ҳәм әзербайжан тиллерине аўдарылған китаплары ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, 2020-жылы Әжинияз Қосыбай  улы шығармаларының топламы әзербайжан тилинде Әзербайжан миллий  илимлер академиясы Низамий Гәнжаўий  атындағы әдебият  институты тәрепинен де баспадан  шыққан еди.

Әжинияз шығармалары шайыр-аўдармашы, әдебиятшы-сыншы илимпаз,  Әзербайжан жазыўшылар  аўқамының  ағзасы,  ф.и.д., профессор  Низами  Мәммәдов Тағысой ҳәм Әзербайжан  миллий  илимлер  академиясы Фольклор  институтының  илимий  хызметкери, PhD  Шәбнәм  Мәммәдли  тәрепинен әзербайжан тилине аўдарылған.

Китаптың  кирисиўинде  Әжинияздың өмир  жолы,  қосықларының  идеялық-тематикалық, жанрлық-стиллик, поэтикалық  өзгешеликлери,  образлар  дүньясы, шайырдың  әдебий  орталығы, шығармаларының  топланыўы  ҳәм  баспадан жарық  көриўи  сыяқлы  мәселелер  сөз  етилген.

Топламда Әжинияздың 50 ден зыят қосықлары тематикалық топарларға бөлинип берилген. Китап  соңында  Әжинияз  шайыр шығармаларының  изертлениўин  қарақалпақ, өзбек,  түркмен,  әзербайжан  ҳәм  басқа да халықлардағы илимпазлардың  илимий  мийнетлери тийкарында  келтирилиўи  шайыр шығармаларының  ықласбентлери  ҳәм изертлеўшилери  ушын  үлкен  қолайлықлар жаратты.

Шынында да, қарақалпақ халқының мақтанышы, классик шайыры  Әжинияз Қосыбай  улының әдебий  мийраслары түркий-әдебий эстетикалық ой-дүньясына  қосылған бийбаҳа ғәзийне болып, дәўирлер  өтсе  де өзиниң  көркемлик қунын  жойтпайды.

Бүгинги күни шайырдың 200 жыллық мерекесин барлық түркий тиллес  халықлар  байрам сыпатында  белгилемекте.  Олар  шайырдың шығармаларын  өз  ана  тиллеринде  оқыў имканиятына  ийе  болмақта.  Буның  айқын дәлили  сыпатында Баку қаласында 2024-жылы  баспадан шығарылған  шайыр  шығармаларының топламын атап өткен орынлы.

Әжинияз  шайыр  шығармалары Нәзакәт Мәммәдли  тәрепинен  әзербайжан  тилине аўдарылған.  Илимпаз-аўдармашы тәрепинен шайырдың  өмирбаяны  ҳәм  дөретиўшилик жолы ҳаққында мағлыўматлар берилип, шайыр қосықларының  жанрлық  ҳәм  көркемлик өзгешеликлери  илимий  көзқарастан талланады.  Бул  китап  11  композициялық бөлимнен  ибарат  болып,  ҳәр  бир  бөлимге тийисли  атамалар  қойылған.

Топламда  шайырдың үлкен  әдебий  мийрасы  болған  «Бозатаў» поэмасына айрықша орын берилген. Китаптың соңында  шайыр  шығармаларындағы  айырым термин  ҳәм  атамалардың  қарақалпақша-азербайжанша  түсиндирме  сөзлиги келтирилген.

Бул  китап  Әжинияз  шығармаларының түркий тиллес халықлар арасына еле де кеңнен таралыўында айрықша хызмет атқарады.

Сондай-ақ, 2024-жылы шайыр  Әжинияз Қосыбай  улының туўылғанына  200 жыл  толыў мүнәсибети  менен шайыр шығармаларының түрк  тилиндеги топламы Стамбул қаласында да баспадан шықты.  Шайырдың  шығармалары  Түрк академиясының  профессоры,  филология илимлериниң  докторы  Хусейин  Йылдырым тәрепинен түрк тилине аўдарылған.

Китап  өзине  тән  композицияға  ийе  болып, кирисиў  бөлиминде  профессор Ш.Мустафаевтың ҳәм китапты  таярлаған  Хусейин  Йылдырымның алғы  сөзлери  берилген.  Онда  Әжинияздың әдебий  мийрасларының  түркий  әдебий эстетикалық  ой  дүньясындағы  тутқан  орны, дүнья  халықларының  шайыр  шығармаларына болған  итибары  ҳәм  ықласы,  қарақалпақ журтына  болған  жыллы  сезимлер  бериледи.

Кирис  сөзде  Хусейин  Йылдырымның  қәлемине тийисли «HAJINIYAZ» (Әжинияз) атлы қосығы берилген. Топламда  Әжинияздың  өмирбаяны, шайырлық  шеберлиги  ҳаққында  мағлыўматлар келтирилген  ҳәм  қосықларына  поэтикалық таллаўлар  исленген.  Әжинияз  шайырдың  100 ден зыят дөретиўшилик мийрасы түрк тилине аўдарылып,  бул  қосықлар  тематикалық бағдарлары  бойынша  топарларға  жиклеп берилген.



Илаж даўамында Түркий халықлар Академиясы тәрепинен усы китапты аўдарған инсанларға арнаўлы серификатлар тапсырылды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги