Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң басламасы менен орынларда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларындағы басылымларға 2025-жыл ушын жазылыў мапазына арналған «Пресс ярмарка» шөлкемлестирилмекте.

Мақсет – елимиз раўажланыўдың жаңа басқышына көтерилип атырған бүгинги күнде ғалаба хабар қуралларының, соның ишинде, басылымлардың дәўир менен тең қәдем таслаўын тәмийинлеў, тараўдағы реформаларды жаңа басқышқа көтериў, оларды қорғаў, еркин жумыс ислеўин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў болып есапланады.

Шынында да, бүгинги күнде баспасөз ҳәм мәлимлеме тараўының сапасын ҳәм тәсиршеңлигин арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланған газета-журналлар бүгинги күни жәмийетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткерип бериўде, елимиздиң раўажланыўы жолында жүз берип атырған жаңаланыўларды, халқымыз турмысындағы өзгерислерди кең түрде сәўлелендирип барыўда, миллий қәдириятларымыз ҳәм үрп-әдет, дәстүрлеримизди үгит-нәсиятлаўда айрықша орын тутады.

Нөкис қаласындағы ярмарка Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында болып өтпекте.

Оған редакциялары Нөкис қаласында жайласқан журнал ҳәм газеталар қатнаспақта.

Ярмарка республикамыздың басқа да районларында даўам етеди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги