Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы Нөкис районы аймағында да экосистемаларды қорғаў ҳәм тиклеў, көклемзарластырыў жумысларын жеделлестириў ҳәм жасыл майданларды кеңейтиў бойынша «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары әмелге асырылмақта.
Бул жумысларды иске асырыўда Нөкис районлық абаданластырыў басқармасы хызметкерлери айрықша белсендилик көрсетпекте.
-Басқармамыз тәрепинен быйылғы гүз мәўсиминде 50 мың саяманлы терек нәллерин егиўди өзлеримизге реже етип белгилеп алғанбыз,-дейди басқарма агрономы Исламбек Қурбанбаев.-Соннан бүгинги күнге шекем Ақмаңғыт посёлкасы, Төктаў мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм Саманбай аўыл пуқаралар жыйыны аймақларна 10 мың түп терек нәллери егилди. Төктаў мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан 28 метр тереңликтеги жер асты скважинасы қазылып, оның жәрдеминде 1,5 км аралықтағы жерлер егиске таярланып суўғарылды. Арнаўлы техника ҳәм механизмлеримиздиң күши менен Нөкис қаласына алып баратуғын үлкен гүзар жол бойынан 3 гектар партаў жерлер ашылып, ол жерлер егиске таярланды ҳәм бүгинги күни усы аймаққа терек нәллерин егип атырмыз. Бизлер егис жумысларын тек көзаба ушын ислеп қоймастан, терек нәллериниң аймақтың ықлым шараятына бейимлесиў имканиятын итибарға алып екпектемиз. Сондай-ақ, жерлерди суўғарыў ҳәм терек нәллерин биогомус пенен азықландырыў жумысларына да дыққат қаратып атырмыз. Себеби, бүгин егилип атырған нәл, ертеңги күни ҳаўа райымызды жақсылаўшы жасыл энергия дәреги болып келешек әўладларымызға бийминнет хызмет етеди.
Шынында да, басқарма хызметкерлериниң бүгинги күни алып барып атырған жумыслары мақтаўға турарлық. Ондағы хызметкерлердиң ашық-жарық күнлерден нәтийжели пайдаланыўға умтылыўлары ертеңги күнге исенимди беккемлейди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы