Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов БМШтың Өзбекстандағы турақлы координаторы Сабина Махл менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыў даўамында санлы технологиялар арқалы турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў мәселелерине итибар қаратылды.
Сондай-ақ, 2025-жылы Самарқандта өткерилиўи режелестирилген «UN Public Service» форумы ҳаққында әҳмийетли мағлыўматлар берилди. Форумның Өзбекстанда биринши мәрте шөлкемлестирилиўи мәмлекет ушын әҳмийетли жетискенлик екени ҳәм санлы трансформация процесслерин тезлестириўде бул имканияттың әҳмийети атап өтилди.
Ушырасыўда алыс аймақлардағы халыққа санлы хызметлерди жеткериў, санлы хызметлер арқалы жаслар ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлар ушын мүнәсип жумыс орынларын жаратыў сыяқлы мәселелер додаланды.
Соның менен бирге, жаслар ушын IT тараўында жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыў тийкарғы ўазыйпалардан бири сыпатында белгиленгени атап өтилди. IT тараўындағы оқыў бағдарламаларын кеңейтиў, халықаралық сертификатларға ийе болыў имканиятларын арттырыў ҳәм жергиликли жасларды санлы экономикаға таярлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Ушырасыўда имканияты шекленген шахслардың санлы хызметлерден пайдаланыўы, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм халықаралық тәжирийбе алмасыў сыяқлы мәселелер де додаланды.
Сабина Махл БМШтың Өзбекстанда санлы технологиялар арқалы турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ушын көрсетип атырған қоллап-қуўатлаўын атап өтип, Өзбекстан менен бирге ислесиўди даўам еттириўге таяр екенлигин билдирди.
Нигора Раҳмонова,
ӨзА